Әсирдиң глобал машқалаларының бири болған адам саўдасы жынаяты оғада терең тамырласып баратырғаны ҳәр қандай ҳүкиметти, ҳәр қандай жәмийет ҳәм миллетти аўыр тәшўишке салмақта.
Инсанды «товар» есабында сатыў, мәжбүрий мийнетке тартыў, оның жумыс күшинен «тегин»ге пайдаланыў, ҳәр қандай жағдай менен ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў яки дин, яки конституциялық нызам-қағыйдалар менен ақланбайды. Яғный, бул жынаятқа қарсы кескин гүресиледи.
Айтып өтетуғын болсақ, бүгинги күнде пүткил дүньяда инсанларды кемситиў, олардың ҳуқықларын тән алмаў, адам саўдасы сыяқлы жынаятлар көбейип атырғанлығы бәршемизди тәшўишке салмақта.
Буған мысал келтиретуғын болсақ, халықаралық экспертлердиң мағлыўматларына қарағанда, дүнья жүзинде ҳәр жылы 4,5 миллионнан артық адам адам саўдасы қурбаны болады. Ашынарлысы, олардың 1,2 миллионнан асламы балалар екен.
Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрь күнги «Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди.
Пәрманда көрсетилгениндей, ҳәзирги ўақытта адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўға қарсы нәтийжели гүресиўге тосқынлық етип атырған бир қатар кери тәсирлер сақланып турғанлығын изертлеўлер көрсетип тур. Атап айтқанда, бириншиден, ўәкилликли уйымлардың жетекшилиги жетерли дәрежеде болмай атыр. Ўәкилликли уйымлардың бирден-бир басшы астында жетерли дәрежедеги уйымлараралық бирге ислесиўи жоқ. Екиншиден, усы бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында қалыс ҳәм исенимли мағлыўматты кең жәмийетшиликке ҳәм халықаралық жәмийетшиликке жеткериў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар үйлестирилмеген. Үшиншиден, нызамшылық базасы халықаралық стандартларға муўапық емес, бул болса адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке байланыслы шахсларды нәтийжели излеў ҳәм жазалаўға тосқынлық етпекте делинеди.
Ҳүжжет пенен Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республика уйымлараралық комиссиясы Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў Миллий комиссиясы етип қайта шөлкемлестирилди.
Миллий комиссия, яғный, республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес ҳәм басқа да шөлкемлердиң адам саўдасына қарсы гүресиў, оннан жәбирленген шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, мүнәсип мийнет принциплерин, халықаралық мийнет стандартларын кеңнен енгизиў, пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў тараўындағы хызметин муўапықластырады.
Инсан ҳуқықларын кемситиўши ис-ҳәрекетлер, яғный, пуқараларды мәжбүрий мийнетке тартыў халықаралық жәмийетшилик тәрепинен унамсыз иллетлер қатарында айтылып, оларды сапластырыўға байланыслы бир қанша илажлар әмелге асырылып келинбекте. Бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўдиң көриниси ретинде бир қатар халқаралық ҳүжжетлер қабыл етилди. Олардың ишинде Инсан ҳуқықлары халықаралық декларациясы, Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт, Экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы ҳалықаралық пакт, Пуқаралаық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы ҳалықаралық пактке факультатив баянламалар ең абырайлы ҳәм универсал халықаралық ҳүжжетлер болып табылады.
Булардың универсал деп аталыўының себеби, оларда барлық мәселелер өзиниң толық дәрежедеги жуўабын ҳәм шешимин тапқан болып, ҳәр бир ҳүжжет узақ даўам еткен халықаралық додалаўлардан кейин қабыл етилгени, ҳәр бири өзинде дүнья жүзилик бай тәжирийбени жәмлегени ушын да абырайлы.
Рети келгенде соны айрықша айтып өтиў керек, адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша халықтың ҳәр қыйлы қатламлары, әсиресе, жаслар ҳәм жас өспиримлерге бул иллеттиң тыныш турмысымызға салатуғын қәўпи ҳәм кери тәсирлери ҳаққында түсиндириў жумысларын алып барыў тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде пуқаралардың сырт мәмлекетлерде мийнет етиўи ушын барлық ҳуқықый тийкарлар жаратылған. Олардың емин-еркин қолайлы шараятта ҳәм мүнәсип мийнет ҳақы алыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қанша имканиятлар менен қолайлықлар жаратылмақта. Мине, усындай нызамлы имканиятлардан пайдаланыўдың орнына алдаўшылардың ҳәр қыйлы өтириклерине исенип қалып атырған адамлардың ис-ҳәрекетлерин ақлаў қыйын, әлбетте.
Бул өз гезегинде, жәмийетте ҳуқықый саўатлылықты еле де күшейтиў, нызамшылық үгит-нәсиятлаўды күшейтиў, ең баслысы, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеўди талап етеди.
Жуўмақлап айтқанда, бүгинги күнде адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм бундай унамсыз ўақыялардың алдын алыў глобал әҳмийетке ийе болмақта. Барлық мәмлекетлердиң биргеликте жумыс алып барыўына зәрүрлик туўылып, бул бағдарда мәмлекетлераралық ҳәм халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара беккем бирге ислесиў орнатыў ҳәм күшлерди бирлестириў кереклигин талап етпекте. Бунда адам саўдасына қарсы гүресиўдиң халықаралық ҳәм миллий нызамшылық нормаларында нызамлы тәртипке салыныўы шыхстың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўдың нәтийжели усылы есапланады.
Гүлмира АРЗИЕВА,
Нөкис районлар аралық
экономикалық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги