Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) тәрепинен экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен биргеликте ҳәм Европа Аўқамының қаржылай жәрдеминде «Қәўипли химиялық элементлерди ақылға уғрас басқарыў бойынша техникалық жәрдем» жойбарын әмелге асырыў бойынша семинар шөлкемлестирилди.

Онда Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов, Европа Аўқамының Өзбекстандағы делегациясы техникалық бирге ислесиў бөлиминиң баслығы Вим Риепма, ФАО ның Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығының орынбасары Шерзод Умаров, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, миллий ҳәм халықаралық экспертлер қатнасты.

Семинар даўамында жойбардың мақсет ҳәм ўазыйпалары усыныс етилди. Қатнасыўшылар жойбардың көлеми, концепциясы ҳәм бақланып атырған нәтийжелер менен таныстырылды.

– Өзбекстанда биринши рет қәўипли химиялық элементлерди ақылға уғрас басқарыўға қаратылған жойбар әмелге асырылмақта дейди Азиз Абдуҳакимов. – Бул жойбар шеңберинде Өзбекстанда тийисли нызамшылық принциплерди әмелге асырыў, улыўма етип айтқанда, келешекте қәўипли химиялық элементлерден тиккелей пайдаланыў мақсет етилген.

Бизге белгили, бурынғы аўқам дәўиринде елимизде пахта жетистириў даўамында оғада қәўипли пестицидлер жумсалған. 450 ден аслам киши аэропортлар болған ҳәм оларда оғада үлкен муғдарда қәўипли элементлер жыйналып қалған. Буннан тысқары, айырым кәрханаларда да химиялық элементлер бар. Жойбарда мине, усы зыянлы элементлерди суў ҳәм топырақ қурамынан ажыратып алып, оларды қайта ислеў технологияларын енгизиўге үлкен итибар қаратылмақта.

Илажда атап өтилиўинше, мәмлекетимизде кейинги жылларда гөнерген ямаса қадаған етилген пестицидлердиң зәҳәрлери ҳәм зәҳәрли химиялық элементлер сақланатуғын ыдыслар көмилген 8 объектте консервация жумыслары алып барылды, және 2 объектте консервация жумыслары басланды ҳәм бир объектте реконструкция жумыслары алып барылды.

– Өзбекстан ҳүкимети ҳәм ФАО менен бирге ислесиўимиз гөнерген шығындыларды тазалаў, шығындыларды басқарыўды жетилистириў ҳәм пестицидлер шығындыларын ислеп шығарыўды қысқартыў арқалы қоршаған орталықты ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў жәмийетлик миннетлеме үлгиси дейди Вим Риепма. – Биз биргеликте химиялық шығындыларды басқарыўдан да көбирек жумысларды әмелге асырамыз. Зыянкеслерге қарсы комплексли гүресиў, саламатлық ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерден хабардарлық саламат, экологиялық таза ҳәм экономикалық жақтан пайдалы аўыл хожалығы секторының кепили болып есапланады.

Қәнигелердиң сөзлерине бола, биргеликте жойбарды әмелге асырыў зыянлы химиялық элементлер ҳәм оларға байланыслы шығындыларды басқарыў механизмлери ҳәм қуралларының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, аўыл хожалығында қәўипли пестицидлерден пайдаланыўды қысқартыў, соның ишинде, пестицидлерди алмастырыў ҳәм олардан пайдаланыўды қысқартыўды нәзерде тутатуғын альтернатив усылларды енгизиў ҳәм алға қойыў имканиятын береди. Аўыл хожалығы хызметкерлери арасында оғада қәўипли пестицидлерден пайдаланыўды азайтыў зәрүр екени ҳаққында түсиндириў жумысларына айрықша итибар қаратылады. Соның менен бирге, бул жойбар аўыл хожалығында зыянлы химиялық элементлерден пайдаланыўға байланыслы машқалалар көлемин түсинип жетиўге хызмет етеди.

Семинар жуўмағында баянатшылар тәрепинен усынылған жумыс режелери көрип шығылды ҳәм оларды келешекте әмелге асырыў шәртлери келисип алынды.

Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,

ӨзАның хабаршысы