Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық  инвестициялық форумы даўам етпекте.

Бизиң тийкарғы мақсетимиз – Өзбекстанды сырт елли инвесторлар ушын исенимли ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўге айландырыў,- деди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимизде базар қатнасықларын раўажландырыўды, инвесторлардың ҳуқықлары исенимли қорғалыўын, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын және де жетилистириўди, ҳадал бәсекилесиў ушын және де кең шараятлар жаратыўды, жеке мүлкке қол қатылмаслығы ҳәм суд системасының еркинлиги тәмийинлениўин өз жуўапкершилигине алмақта.

Бул қағыйдалар өткен жылы улыўма халықлық референдумда қабыл етилген жаңа Конституциямызда  айрықша белгилеп қойылды.

                                                                                                                ӨзА