Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасында бир қатар ушырасыўлар болып өтти.

Бас прокурордыӊ орынбасары Светлана Ортиқова Яссир Абдих басшылығындағы Халықаралық валюта қоры делегациясы менен ушырасты.

Ушырасыўда бирге ислесиўдиӊ бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыўдыӊ әҳмийетли бағдарлары додаланды.

Атап айтқанда, коррупция ҳәм шөлкемлескен жынаятшылықтыӊ басқа түрлерине қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша пикир алысылды.

Тәреплер бул сөйлесиў ҳуқықый тараўдағы еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге жаӊа түртки беретуғынын атап өтти.

***  

Бас прокуратураныӊ Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ мәмлекетлери халықаралық-ҳуқықый бирге ислесиўи тармағы (CASC) шеӊберинде бирге ислесиў байланыслары кеӊеймекте.

Бас прокуратурада БМШ Нәшебентлик ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасыныӊ Жынайый тармақлардыӊ жумысына шек қойыў Глобал бағдарламасы басшысы К.Мередит менен ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў даўамында Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ мәмлекетлери халықаралық-ҳуқықый бирге ислесиўи тармағы шеӊберинде бирге ислесиў байланысларыныӊ ҳәзирги жағдайы ҳәм оны және де раўажландырыўдыӊ әҳмийетли бағдарлары додаланды.

Атап айтқанда, CASC тармағы менен биргеликте “Өзбекстанда Халықаралық ҳуқықый бирге ислесиў процесслерин санластырыў” жойбарын әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Болып өткен сөйлесиў ҳуқықый тараўда өз-ара бирге ислесиў байланысларыныӊ раўажланыўы ҳәм беккемлениўине хызмет етеди.

Н.Абдураимова,

ӨзА