Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы даўам етпекте.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар анық илажлар ислеп шығылған.

Буннан былай  сырт елли инвесторлар акциялардан алынып атырған дивидендлер бойынша салықлардан үш жыл мүддетке азат етиледи.

Жақында меншиклестириў ҳаққындағы нызам қабыл етилди. 250 ири кәрхананың  мәмлекетлик үлесин ҳәм 1000 ге шамалас көшпес мүлк объектлерин сатыў, 12 кәрхана акцияларын қор базарларында басланғыш ғалабалық жайластырыў (IPO) ушын жаңа бағдарлама да иске түсирилди.

Исбилерменлердиң турақлылы рейтинги енгизилди. Жоқары рейтингке ийе исбилерменлер субъектлери  ушын салық тексериўлери өткерилмейди.

                                                                                                                ӨзА