Хабар берилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёев үшинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумның жалпы мәжилисинде шығып сөйлемекте.

Мәмлекетимиз басшысы форум қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, жылдан-жылға жақсы дәстүрге айланып атырған усы формат шеңберинде елимизде дүньяның барлық континентлеринен жаңадан исенимли бирге ислесиўшилер жәмленип атырғанын атап өтти.

Өткен үш жыл даўамында бул форум еки ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў, ең әҳмийетли машқалаларды додалаў, алдынғы идеялар менен көзқарасларды ислеп шығыў ушын нәтийжели сөйлесиў майданына айланды.

Бүгинги илажда 93 мәмлекеттен еки ярым мыңнан аслам сырт елли мийманлар келгени де форумның әҳмийети барған сайын артып атырғанын айқын тастыйықлайды.

Бул өз гезегинде, мәмлекетимизде артқа қайтпайтуғын түрге енген реформаларға, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыўға болған үлкен қызығыўшылықтан дәрек береди.

ӨзА