Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Малайзияның Бас министри Анвар Иброҳим 17-май күни рәсмий сапар менен елимизге келди.

Пайтахтымыз аэропортында жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Малайзия Ҳүкимети баслығын Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Буннан кейин Малайзия делегациясы «Жаңа Өзбекстан» паркине жол алды.

Отабек МИРСОАТОВ (сүўрет), ӨзА