Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери!

Бүгин елимизде үлкен қуўаныш – көркем өнер ҳәм мәденият байрамы. Ески Ташкент қаласының дәл ортасында халқымыздың ардақлы перзенти, Өзбекстан халық артисти Ботир Зокировтың естелигине бағышлап саўлатлы естелик ашылмақта.

Мине, усы қуўанышлы ўақыя мүнәсибети менен сиз, әзизлерди, марҳум Ботир Зокировтың жақынлары, шәкирт ҳәм ықласпентлерин, пүткил халқымызды қызғын қутлықлайман.

Ҳүрметли дослар!

Муқаддес елимиз жеринен әсирлер даўамында уллы ойшыл ҳәм шайырлар, жазыўшы ҳәм архитекторлар, инженер ҳәм художниклер, қосықшы ҳәм композиторлар жетилисип шыққанын жақсы билемиз. XX әсирде мине, усындай уллы инсанлардың мүнәсип даўамшысы болып Ботир Зокиров көркем өнер майданына шықты.

Бәршемизге белгили, ол Өзбекстан халық артисти Карим Зокиров ҳәм көркем өнер ғайраткери Шоҳиста Саидова шаңарағында, зыялы бир орталықта туўылып, камалға келген еди.

Тәғдир Ботир Зокировқа өзбек эстрада көркем өнериниң тийкарын салыўшысы болыў сыяқлы уллы бир ўазыйпаны жүкледи ҳәм бул ўазыйпаны ол мақтаныш пенен атқарды.

Ол көркем өнер дүньясына қәдем таслағанда республика ҳәм бурынғы аўқам сахналарында бир-биринен уллы ҳәм бийтәкирар қосықшылар даңқ шоққысына көтерилип үлгерген еди. Мине, усындай белгили көркем өнер ғайраткерлери арасында мүнәсип орын ийелеў аңсат емес еди.

Бирақ, Алла тааланың өзи Ботир Зокировқа берген минсиз талант ҳәм инсаныйлық пазыйлетлер себепли ол көркем өнер дүньясында ҳақыйқый жаңалықлар жаратты.

Бундай жоқары дәрежеге ерисиў ушын ол бәринен бурын халқымыздың ески тарийхы ҳәм бай мәдениятына, классикалық музыка мийрасымыз, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға сүйенди.

Ботир Зокиров турмыс машақатларынан қорықпайтуғын, ҳәр қандай шараятта да тек ғана ийгиликли мақсетке қарай умтылатуғын шексиз ерк-ықрар ҳәм мәртлик ийеси еди.

Қосықшы 1955-жылы, әйне күшке толған ўақытта аўыр дәртке жолықты. Кеселлик себепли бир неше рет оғада қыйын медициналық операцияларды басынан өткерди. Шыпакерлер қосықшының турмысын сақлап қалыў ушын оған қосық айтыўды қадаған етиўге мәжбүр болды.

Бирақ, «Қосық айтыў – жасаў демекдур» деген исенимди өмирдиң мазмуны деп билген, аты өзине сай өзбек перзенти қосық айтыўдан тоқтамады. Кеўилдеги ийгиликли сезимлерди және де толып-тасып атқарады. Бундай мәртлик, көркем өнерге пидәкерлик шексиз итибар ҳәм ҳүрметке ылайық екени сөзсиз.

Әзиз ўатанласлар!

Ботир Зокиров жасап дөретиўшилик еткен қыйын заманда оның таланты, данқын көре алмайтуғын кимселер де, тилекке қарсы, бар. Бирақ турмысты гүрес майданы деп билген бул мәрт инсан барлық тосқынлықларды мәртлик пенен жеңип өтти.

Бийтәкирар қосықшының тынық ҳаўазда халқымыздың әсирлик арзыў-нийетлери, жақты күнлерге исеними жаңлады. Ол қысқа мүддетте бурынғы совет мәканында миллионлаған ықласпентлерге ийе болған сүйикли көркем өнер ғайраткерине айланды. Ботир Зокиров СССРдағы барлық ири қалалар, дүньяның мине мен деген мәденият пайтахтларында өзбек көркем өнерин зор табыс пенен көрсетти.

Қосықшының дөретиўшилик репертуары оның гөззал ҳәм дәрьядай кеўли кең еди. Оны ҳиндлер – ҳинд деп, французлар – француз, араблар – араб қосықшысы деп қабыл ететуғын еди.

Әсиресе, 1966-жылы Парижге еткен дөретиўшилик сапары Ботир Зокировқа дүньяға белгили абырай алып берди. Усы қаладағы белгили «Олимпия» театрының сахнасына көтерилип, еки рет атқарыў – итибар бериң, еки рет атқарыў – дүньяда шенде-шен атқарыўшыға несип еткен. Сийрек ушырасатуғын таланты менен дүньяны ийелеген бундай легендалық көркем өнер ғайраткеримиз бенен ҳәр қанша мақтансақ арзыйды.

Қәдирли мәресим қатнасыўшылары!

Ботир Зокиров оғада қысқа – тек ғана 49 жыл жасады. 29 жасында Өзбекстан халық артисти атағына ийе болды. 30  жылға шамалас мийнет жолы даўамында өзинен рәң бәрең ҳәм бай дөретиўшилик мийрас қалдырды. Өлмес қосықшымыздың сийқырлы ҳаўазы елимиздеги ҳәр бир шаңараққа кирип барып, көркем өнеримиз алтын фондынан, халқымыз кеўлинен беккем орын ийеледи.

Ол өмир бойы жаңалыққа умтылып жасаған, излениўден шаршамайтуғын, адамларға меҳрибан, кеңпейил бир инсан еди. Шығыс фольклоры ҳәм заманагөй эстрада көркем өнерин үйлестирип, «Мюзик-холл» дөретиўшилик топарын шөлкемлестиргени, қосықшы ҳәм композитор сыпатында көплеген талантлы жасларға меҳир көрсетип устазлық еткенин айрықша атап өтиў керек.

Атап айтқанда, республикамызда хызмет көрсеткен «Ялла» ансамблиниң дүзилиўинде Ботир Зокировтың хызметлери шексиз болып есапланады. Мине, 50 жыл, бул музыкалық топар ҳәм оның баслығы, 6 мәмлекеттиң «Халық артисти» деген жоқары атаққа ийе болған белгили қосықшымыз Фаррух Закиров жанажан Өзбекстанымыздың даңқын дүньяға жырлап келмекте.

Бүгинги дәўиримизде Өзбекстан халық артисти Гавҳар Зокированы, Равшан ҳәм Баҳодир Зокировларды, Зокировлар династиясының басқа да көплеген ўәкиллерин көрип турғанымнан қуўанышлыман. Әсиресе, Гавҳар Зокированың руўхыйлығымыз пидәкери сыпатында көплеген қала-аўылларымызды гезип әмелге асырып атырған ийгиликли жумыслары, жас әўлад тәрбиясы жолындағы үлкен хызметлери ушын қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли дослар!

Ботир Зокиров тийкарынан ўатансүйгиш инсан еди. Ана Өзбекстанымызды, ески Ташкентти шексиз перзентлик меҳри менен сүйетуғын, шебер художник, талантлы жазыўшы ҳәм актёр сыпатындағы жумысында да Ўатанға муҳаббат сезими йош урып туратуғын еди.

Ол өткен әсирдиң 70-жылларында халық қаҳарманы Спитамен ҳаққында «Согд елиниң қапланы» опера либреттосын жаратқан ҳәм бул шығарма Әлийшер Наўайы атындағы академиялық үлкен театрда табыслы көрсетилген еди.

Булардың бәршеси Ботир Зокировтың алмастай көп қырлы талант ийеси болғанын тастыйықлайды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Инсан қәдирин улығлаў – Жаңа Өзбекстан сиясатының тийкарғы бағдары болып есапланады. Мине, усы мақсетте уллы көркем өнер ғайраткеримиз Ботир Зокировтың мәңгилик естелигин ҳүрметлеў, оның дөретиўшилик мийрасын үйрениў бойынша мәмлекетимизде үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2021-жылы өз алдына қарар қабыл етип, қосықшының 85 жыллық туўылған күни кеңнен белгиленди.

Ботир Зокиров билим алған Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жайласқан мине, усы гөззал ҳәм абат көшеге оның теберик аты берилди. Уллы қосықшымыз атындағы миллий сыйлық шөлкемлестирилди, эстрада атқарыўшыларының республикалық таңлаўы турақлы өткерип келинбекте. Ботир Зокиров ҳаққында илимий ҳәм әдебий шығармалар, ҳүжжетли фильм ҳәм спектакльлер жаратылмақта, илимий конференциялар, дөретиўшилик ушырасыў ҳәм кешелер өткерилмекте.

Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жанында, көрип турғаныңыздай, Ботир Зокиров атындағы миллий эстрада көркем өнер институты қурылды. Бул жоқары оқыў орнында билим алып атырған нәўқыран жасларымыз арасында Ботир Закиров сыяқлы уллы көркем өнер ғайраткерлери жетилисип шығады, деп исенемиз ҳәм олардың ҳәммесине әўмет ҳәм табыслар тилеймиз.

Жақында Ботир Зокировтың еслеў кешеси мәмлекетимиз жәмийетшилиги ҳәм сырт мәмлекетлерден келген, ол инсанның дослары болған белгили көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында үлкен қуўаныш сыпатында өткерилди.

Бул музыкалы конференция халқымыздың белгили перзентине болған жоқары ҳүрметиниң және бир жарқын көриниси болды.

Ҳүрметли дослар!

Әлбетте, бүгин сизлердиң қатнасыўыңызда ашылып атырған бул саўлатлы естелик Ботир Зокировтың естелигине орнатылған символикалық бир тымсал болып табылады.

Ҳәзирги ўақытта Жаңа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў жолында алып барылып атырған барлық реформаларымыз ҳәм олардың әмелий нәтийжелери бул уллы дөретиўшиге ең мүнәсип естелик болады, десем, сизлер де бул пикирге қосыласыз, – деп ойлайман.

Ҳәзирги күнде елимиздеги жүзлеген музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде, техникум ҳәм колледжлер, мәденият бағдарындағы институтларымызда, консерваториямызда мыңлаған талантлы жасларымыз билим ҳәм тәрбия алмақта. Биз мине усындай талантлы ул-қызларымызды миллий көркем өнеримиздиң мийрасқорлары, бәркамал, ўатансүйиўши инсанлар етип камалға келтирсек, белгили көркем өнер ғайраткеримиздиң руўхы әлбетте шад болады.

Ботир Зокиров дөретиўшилик феномени миллий көркем өнеримиз тарийхында бир пүтин баслы бир дәўирди қурайды.

Уллы көркем өнер ғайраткеримиздиң естелигин мәңгилестириў, бай мийрасын терең үйрениў ҳәм дүнья жүзи көлеминде үгит-нәсиятлаў бойынша баслаған жумысларымызды даўам еттириў мақсетинде Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте бул мәселе бойынша жаңа қарар жойбарын таярлаў тапсырылды.

Қарарда, соның ишинде, Ташкент қаласында Ботир Зокировтың мемориал музейин қурыў, эстрада көркем өнери бойынша Ботир Зокиров атындағы халықаралық таңлаў шөлкемлестириў, мәденият ҳәм көркем өнер жоқары оқыў орынларының студентлери ушын Ботир Зокиров атындағы мәмлекетлик стипендияны енгизиў, «Ботир Зокиров» көркем өнер фильмин жаратыў, Ботир Зокиров атындағы қор ҳәм Миллий эстрада симфониялық оркестриниң жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў сыяқлы ўазыйпалар нәзерде тутылыўы керек.

Пурсаттан пайдалынып, бул аймақты абат етиўге мүнәсип үлес қосқан барлық ўатанласларымызға, қолы гүл қурылысшы ҳәм инженерлер, мүсинши ҳәм архитекторларға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бәршеңизди бүгинги қуўанышлы күн менен және бир мәрте қутлықлайман. Бул жер пайтахтымыз халқы ҳәм мийманлар ушын қутлы зыярат етиў орнына айланады, деп исенемен.

Дүньяға Ботир Зокиров сыяқлы уллы инсанларды берген халқымыз аман болсын!

Миллий көркем өнеримиз бәрқулла гүллеп-жаснасын!