17-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти. Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, туўысқан қазақ халқына тынышлық ҳәм раўажланыў тиледи. Қасым-Жомарт Тоқаевтың Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен жеке үлеси айрықша атап өтилди.

Еки мәмлекет басшылары Өзбекстан – Қазақстан көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге байланыслы әҳмийетли мәселелерди көрип шықты. Хийўа қаласында болып өткен әмелий ушырасыўдағы келисимлердиң әмелге асырылыўы ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси додаланды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў жойбарларының жаңа портфелин қәлиплестириў, бизнес ҳәм аймақларды тартқан ҳалда санаат, транспорт ҳәм логистика, энергетика, аўыл хожалығы тараўларындағы кооперацияны алға қойыўға айрықша итибар қаратылды. Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА