Келиспеўшиликлерди әдалатлы шешиў мақсетинде Ташкент халықаралық арбитаж орайы нәтийжели жумыс алып бармақта. Оныӊ қурамында Америка Қурама Штатлары, Уллы Британия, Италия, Швеция, Қытай, Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлерден 90 нан аслам абырайлы арбитрлар орын алған.

Инвесторлар ушын және бир әҳмийетли көрсеткиш. Соӊғы жети жылда жоқары билимлендириўге қамтып алыў 9 проценттен 42 процентке көбейди, жоқары оқыў орынларыныӊ саны 200 ден артты.

Өзбекстанда 90 нан аслам мәмлекетлерге визасыз режим енгизилди.

Бул ҳаққында пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ қатнасыўында өткерилип атырған үшинши Ташкент халықаралық форумында мәлим етилди.

ӨзА