Шавкат Мирзиёев: Өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет руўхы, бир-бирин қоллап-қуўатлаў принципи узақ мүддетли бирге ислесиўдиң беккем тийкары болып қала береди

Пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында үшинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы даўам етпекте.
Президент бүгинги конференция глобаллық геосиясий ҳәм экономикалық машқалалар ҳәўиж алып атырған, турақлы раўажланыў жолында қәўип-қәтерлер күшейип атырған дәўирге туўра келип атырғанын атап өтти.
Дүнья тәртип-қағыйдаларында терең трансформация процесслери болып өтпекте. Товар ҳәм хызметлерди жеткерип бериў шынжырларындағы үзилислер, халықаралық саўданың төменлеўи, инвестициялық ағымлардың азайыўы, климат апатшылықларының күшейиўи – жағдай қаншелли турақсыз ҳәм әззи екенин айқын көрсетпекте.
Дүнья жүзи экономикасының өсиў пәтлери кейинги үш жыл даўамында төменлемекте. Тиккелей сырт ел инвестицияларына байланыслы тенденциялар да күтилген үмитлерди ақламай атыр.
– Әлбетте, биз бүгин дүнья жүзи инвесторлары ушын бурын көрилмеген дәрежеде гүрес жүргизилип атырғанын жақсы түсинемиз. Бирақ биз өзгермейтуғын ҳақыйқат барған сайын ашық-айдынласпақта. Ҳеш бир мәмлекет бундай қыйын машқалаларды жеке тәртипте шеше алмайды. Өз-ара исеним ҳәм ҳүрмет руўхы, бир-бирин қоллап-қуўатлаў принципи узақ мүддетли бирге ислесиўдиң беккем тийкары болып қала береди, – деди Президент.
ӨзА