Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде «Қубла Аралбойының биологиялық ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў машқалалары» темасында IX халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Бул әнжуман биологиялық ресурслардың әҳмийетли машқалалары, оларды қорғаў ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў сондай-ақ, аймақтағы биологиялық көп түрлиликти сақлап қалыўға қаратылды.

Әнжуманда мәмлекетимиз ҳәм сырт мәмлекетлер жетекши илимий мәкемелериниң, жоқары оқыў орынлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери сондай-ақ, жас илимпазлар, докторантлар, изертлеўши-излениўшилер қатнасты.


– Ҳәзирги күнде Арал кризиси ҳәм оны келтирип шығарған ақыбетлерди үйрениў Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими илимпазларының тийкары изертлеў объектине айланды,-дейди Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институтының директоры, биология илимлериниң докторы, профессор Светлана Мамбетуллаева. Илимпазлар тәрепинен Арал апатшылығының ақыбетлерин үйрениў бойынша илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Бул изертлеўлер нәтийжесинде илимпазларымыз Арал теңизи ҳәм Аралбойы тәбийғый аймақларының биологиялық режими өзгерислерин көрсетиўши жүдә көп ҳәм ҳәр қыйлы, сийрек гезелесетуғын материалларды топлады.

Конференцияда мәмлекетимиздиң белгили илимпазлары Қубла Аралбойы тәбийғый орталығының ҳәзирги жағдайын өз шығып сөйлеўлеринде сүўретлеп берди. Жерден пайдаланыўда тәбиятты қорғаўға итибар қаратқан ҳалда басқарыў машқалалары додаланды. Қарақалпақстан Республикасы районларының социаллық-экономикалық раўажланыўы концепциясы ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды ҳәм аймақтың тәбийғый орталығының жағдайын жақсылаў бойынша усыныслар билдирилди.

Н.Раҳмонова, ӨзАның хабаршысы