Бүгинги күнде Өзбекстан бойынша оптикалық талшықлы линиялардыӊ жәми узынлығы 198 мыӊ км ге жетти, елатлы пунктлердиӊ интернет тармағы менен қамтылыўы 80 процентке жеткерилди. Кеӊ полосалы интернет пенен тәмийинленген хожалықлар, исбилерменлик субъектлери, социаллық объектлердиӊ саны 4,7 миллионға, мобиль байланыстыӊ қамтыўы 90 процентке жеткерилди.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ мәжилисинде санлы технологиялар министриниӊ мәсләҳәтшиси Дониёр Рустамов айтып өтти. Мәжилисте “Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине алыс аймақларда Интернет ҳәм байланыстыӊ қамтып алыўын арттырыў ушын шараятларды кеӊейтиўге қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

— Жаӊа редакциядағы Конституциямызда да республикамыз аймақларын интернет пенен тәмийинлеў мәселеси белгиленген, — деди министрдиӊ мәсләҳәтшиси. — Бул бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Көрилип атырған илажларға қарамастан, таўлы ҳәм шетки аймақлардағы 100 ге шамалас елатлы пунктлерге интернет жетип бармаған. Буған себеп телекоммуникация тармақлары қамтып алынбаған елатлы пунктлердиӊ барлығы алыс ҳәм таўлы аймақлар есапланады. Оларды оптикалық талшықлы линиялар менен тәмийинлеў қыйын ҳәм қәрежети жоқары. Халық саныныӊ азлығы болса қәрежетлерди ақламайды. Бундай жағдайда жердиӊ жасалма жолдаслы байланыс пенен тәмийинлеў аӊсатлаў есапланады.








Усы мақсетте ислеп шығылған бул нызам жойбары менен жергиликли жердиӊ жасалма жолдасы байланыс тармағын жойбарластырыў, қурыў, олардан пайдаланыў ҳәм хызметлер көрсетиў ушын мәмлекетлик бажыларды азайтыў нәзерде тутылмақта. Бул арқалы жергиликли жердиӊ жасалма жолдасы байланыс түрлерин көбейтиў ҳәм олардыӊ жумыс алып барыўы ушын кеӊ имканиятларды жаратыў нәзерде тутылмақта.

Қызғын додалаўлар даўамында депутатлар өзлериниӊ ой-пикирлери ҳәм усынысларын билдирип, бир қатар сораўлар ортаға тасланды.

Муҳтарама Комилова,

Даврон Эрназаров (сүўрет), ӨзА