“Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына киргизилип атырған өзгерислерге бола, пуқаралар өзлериниӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин бузып атырған ҳәкимшилик уйымларыныӊ, пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымларыныӊ, олардыӊ ҳәмелдар шахсларыныӊ қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен ҳәкимшилик судларға мүрәжат еткенде өндирилетуғын мәмлекетлик бажы муғдарын төменлетиўи белгиленбекте.

Нызамшылық палатасыныӊ мәжилисинде “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде пуқараларға және де қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған өзгерис киргизиў ҳаққында”ғы  нызам жойбары екинши оқыўда бәнтпе-бәнт додаланды.

Депутат Ш.Назаров жойбарды екинши оқыўға таярлаў даўамында әмелге асырылған жумыслар, дүзетиў ҳәм қосымшалар туўралы мағлыўмат берди. Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарыныӊ қабылланыўы пуқараларға өзлериниӊ ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин бузып атырған мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлердиӊ, олардыӊ ҳәмелдар шахсларыныӊ қарарлары, ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиў имканиятларын кеӊейтеди.













Муҳтарама Комилова,

Даврон Эрназаров (сүўрет), ӨзА