ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлери парламентлераралық ассамблеясы жумысшы уйымларының видеоконференцбайланыс түринде мәжилислери болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, сондай-ақ, оннан артық экспертлер ҳәм нызам дөретиўшилери қатнасты.

Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери комитетиниң баслығы Эркин Гадоев қадағалаў-бюджет комиссиясының мәжилисинде қатнасты.

Комиссия ағзалары ҒМДА парламентлераралық ассамблеясы ағза мәмлекетлери тәрепинен келеси жыл ушын мәмлекетлик бюджет ҳаққында қабыл етилген нызамлар бойынша мағлыўмат алмасты. ҒМДА парламентлераралық ассамблеясы кеңеси жумысының қаржы өзгешеликлерине байланыслы қарарлар жойбарлары бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурханов ҒМДА парламентлераралық ассамблесы қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери турақлы комиссияның мәжилисинде қатнасты.

ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлериниң 2020-2022-жылларға мөлшерленген терроризм ҳәм экстремизм ҳәм басқа да көринистеги зорлықларға қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыўға қаратылған «Жәмийет қәўипсизлиги ҳаққында»ғы үлги нызам жойбары көрип шығылды ҳәм тийкар сыпатында қабыл етилди.

Усы үлги нызам жойбарын эксперт жуўмақлары алыў ушын қатнасыўшы мәмлекетлердиң парламентлерине жибериў, қайта көрип шығылған ҳүжжетти болса комиссияның гезектеги мәжилисинде көрип шығыў ушын ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Контртеррор орайына усыныў усыныс етилди.

Мәжилисте үлги нызам жойбарлары, Акваториядағы нызамсыз жумысты сапластырыў тараўындағы ҳуқықый тәртипке салыўды жетилистириў ҳәм ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлери шегара уйымларының терроризмге қарсы гүресиў тараўындағы жумысын ҳуқықый тәртипке салыўды жетилистириў бойынша усыныслар да көрип шығылды.

ҒМДА үлги нызамшылығының  2023-2025-жылларға мөлшерленген перспективалы режесине муўапық нәзерде тутылған «Мобилизация таярлығы ҳәм мобилиязация ҳаққында»ғы үлги нызам жойбары концепциясы жойбарын қатнасыўшы мәмлекетлер парламентлерине эксперт жуўмақларын алыў ушын сондай-ақ, дийдиленген мақсетке келтирилген ҳүжжетти комиссияның гезектеги мәжилисинде көрип шығыў ушын ислеп шығыўшыға жибериў усыныс етилди.

ҒМДА парламентлераралық ассамблеясы комиссиялары 2023-жылдағы жумысын есап-санақ етип, жумыс режесин сондай-ақ, 2024-жылға мөлшерленген илажлар режесин әмелге асырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы