Бүгин Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигинде жоқары билимлендириў тараўында Орайлық Азия мәмлекетлери арасында байланыс ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға жәрдемлесиўши халықаралық әнжуман өз жумысын баслады.

Илаж Жәҳән банки тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Әнжуманды Жәҳән банкиниӊ Өзбекстандағы ўәкилханасы  басшысы Марко Мантованелли, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Иброҳим Абдураҳмонов ҳәм Жәҳән банкиниӊ Европа ҳәм Орайлық Азиядағы билимлендириў бойынша глобал әмелият басшысы Рита Алмейда ашып берди.

Бизге белгили, соӊғы жылларда тараўда жоқары өсиў динамикасына карамастан Орайлық Азиядағы билимлендириў системалары регион мәмлекетлери арасында тығыз бирге ислесиў арқалы шешилиўи мүмкин болған түрли мәселелерге дус келмекте.

Олардыӊ арасында жергиликли жоқары оқыў орынларында оқытыў сапасыныӊ салыстырмалы төменлиги, олардыӊ жетерли дәрежеде қаржыландырылмағанлығы, кем тәмийинленген шақарақлардан шыққан студентлер арасында жоқары билим алыў имканияты шекленгенлиги, мийнет базарыныӊ бүгинги ҳәм келешектеги талапларына жуўап бермейтуғын ескирген билимлендириў бағдарламалары ҳәм инфраструктура сыяқлы машқалалар бар.





























Оннан тысқары, Орайлық Азия мәмлекетлери изертлеўлер нәтийжелилигиниӊ глобал көрсеткишлери бойынша артта қалмақта. Жәҳән банкиниӊ есаплаўларына бола, олар изертлеўлерди қаржыландырыў бойынша дүньяда еӊ төмен орынларды ийелейди, бул ЖИӨниӊ тек ғана 0,12 процентин қурайды. Нәтийжеде, региондағы униреситетлер жаӊа технологиялар ҳәм инновацияларды ислеп шығыў процесинен сезилерли дәрежеде шетте қалып атыр.

Халықаралық тәжирийбе жоқары билимлендириў системаларыныӊ регионаллық интеграциясы усы машқалаларды шешиўдеги нәтийжели қурал екенлигин көрсетеди. Сондай-ақ, ол экономиканыӊ басқа барлық тараўларында узақ мүддетли өсиў ушын имканиятлар ашады. Региондағы жоқары оқыў орынлары  арасында бирге ислесиўди раўажландырыў, тәжирийбе алмасыўды ҳәм ресурсларды бирлестириў Орайлық Азияда билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлердиӊ сапасын жақсылаўға хызмет етди.

Соӊғы он жыллықта жоқары оқыў орынлары ҳәм студентлер саны салмақлы дәрежеде артты. Бүгинги күнде Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанда 1,8 миллионға шамалас студентке билимлендириў хызметлерин көрсетиўши 430дан артық жоқары билимлендириў шөлкемлери жумыс алып бармақта.

Орайлық Азия мәмлекетлери басқышпа-басқыш илимий изертлеўлерди коммерцияластырыў, технологияларды трансферлеў ҳәм жеке меншик жоқары оқыў орынларыныӊ жумысы ушын шараят жаратыў арқалы миллий жоқары билимлендириў системаларын базар экономикасы талапларына муўапықластырады. Ҳәзирги ўақытта регионда билимлендириў процесслерин интернационалластырыў стратегиясына әмел етпекте.

Әнжуман даўам етпекте . 

ӨзА