Самарқанд қаласында 78-сентябрь күнлери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанындағы Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми – ФАО техникалық жәрдеминде Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша халықаралық конференция болып өтти.

Күн сайын ески қаланың мирәт қағазына айланып атырған Уллы Жипек жолы халықаралық туризм орайында өткерилген бул абырайлы илаждың екинши күни Өзбекстан аўыл хожалығы инвестиция форумы менен басланды. 26 мәмлекеттен 100 ге шамалас компания ўәкиллери қатнасқан илажда мәмлекетимиз аграр тараўында кейинги жылларда алып барылып атырған нәтийжели реформалар, ҳәзирги ўақытта турмысқа енгизилип атырған жойбарлар, келеси режелер ҳаққында мийманларға толық мағлыўмат берилди. Әсиресе, мәмлекетимиз аўыл хожалығы потенциалы көрсетилген презентация жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды.

Мәмлекетимиз аўыл хожалығы министри Азиз Воитов бәршени конференцияның биринши күни бағдарламасынан орын алған сессиялар даўамында додаланған мәселелер – тараўда халықаралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў, атап айтқанда, алдынғы мәмлекетлердиң тәжирийбесин өзлестириў, аўыл хожалығына заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў арқалы бүгинги күнде глобаллық түрге енип атырған азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге үлес қосыўға шақырды. Бул процессте тараўға инвестиция киргизиў ең әҳмийетли мәселе екенин атап өтти.

ФАО Бас директоры Цюй Дунъюй конференция жоқары дәрежеде өткени, тараўдың раўажланыўы ушын оғада әҳмийетли болған көплеген пайдалы усыныс, басламалар билдирилгенин және бир мәрте атап өтти. Ең әҳмийетлиси, Самарқанд декларациясы ФАО жумысында оғада әҳмийетли ўақыяға айланғанына итибар берди.

Инвестиция форумының жалпы мәжилисинен кейин В2В ҳәм G2В ушырасыўларына гезек берилди. Дүньяның түрли континентлеринен, 30 ға шамалас мәмлекеттен елимизге келген исбилермен топарлардың ўәкиллери, жетекши компаниялардың жуўапкер хызметкерлерине басқа мәмлекетлерден келген кәсиплеслер менен сөйлесиў, өз-ара пайдалы келисимлерге ерисиў имканиятын берди. Конференция жуўмағында тиккелей инвестиция, грант ҳәм халықаралық финанс институтлары қаржысын тартыў, саўда шәртнамалары көринисинде көплеген келисимлерге ерисилди, ҳүжжетлерге қол қойылды.

Конференция бағдарламасынан орын алған «Орайлық Азия ҳәм Кавказ регионында аўыл хожалығы тараўы бойынша изертлеўлер ҳәм инновациялар» атамасындағы илимий форум да қатнасыўшылар, экспертлерде айрықша қызығыўшылық оятты.

Күнниң екинши ярымында да бир қатар илажлар шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, Конференция қатнасыўшылары Самарқанд ўәлаятындағы аўыл хожалығы өнимлери өндирис кәрханаларының жумысы менен танысты. Сондай-ақ, мийманлар дәстүрий өзбек миймандослық белгиси сыпатында ески ҳәм ҳәмийше нәўқыран Мароқандтың әсирлер даўамында дүнья жүзин таң қалдырып киятырған әййемги естеликлеринен заўық алады.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы