Өткен 2023-жылдың декабр айында Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Миннихановтың республикамызға болған хызмет сапары жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пенен бирге ислесиўлерди әмелге асырыў бойынша ис-илажлар режеси ислеп шығылған еди.

Белгиленген усы реже тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры Б.Еримбетов Татарстан Республикасының Волгабойы мәмлекетлик денетәрбия, спорт ҳәм туризм университети ректоры ў.ў.а А.Шарипов пенен еки жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиўлерди жолға қойыў мақсетинде өз-ара сөйлесиўлер алып бармақта.

Хызмет сапары даўамында филиал директоры Волгабойы мәмлекетлик денетәрбия, спорт ҳәм туризм университетиниң ишки имканиятлары менен жақыннан танысып,  еки жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша өз-ара шәртнама дүзиў мақсетинде сөйлесиўлер жүргизбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги