Пилле жетистириў мәўсими аўызбиршилик пенен өткерилмекте

328

Аўыл  хожалығының жетекши тараўларының бири пиллешилик жылдан-жылға раўажланып, мәмлекетимиздиң экономикалық жақтан раўажланыўында үлеси артып бармақта.

Республикамыздағы басқа районлар қатарында Нөкис районында да пилле жетистириў бойынша жумыслар жеделлик пенен алып барылмақта.

Быйылғы жылда райондағы жумысты үйде бөлип алып ислеўши пиллекешлер тәрепинен мол қырман жаратыў ушын  32 қуты жипек қурты, жумысты 20 үйде бөлип ислеўши пиллекешлерге берилди. Усы тийкарда 2 тонна пилле жетистириў режелестирилген болып, жақсы нәтийжеге ерисиў күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги