2-май күни Ташкент инвестиция форумы шеӊберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ Баслығы – Президент Администрациясы басшысы Ақылбек Жапаровты қабыл етти.

Сәўбет алдынан Ақылбек Жапаров Өзбекстан жетекшисине Қырғызстан Президенти Садир Жапаровтыӊ шын жүректен сәлемин жеткерди.

Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў, саўда, санаат кооперациясы, энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларында бирге ислесиўди кеӊейтиў, аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Қамбарота ГЭС-1 ҳәм “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолын қурыў жойбарларыныӊ әмелий жақларына айрықша итибар қаратылды.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық шеӊберинде көп тәреплемели шерикликтиӊ жаӊа күн тәртибин қәлиплестириў мәселелери де додаланды.

ӨзА