2023-жыл 2-июнь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырық биринши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди. Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.
Жалпы мәжилистиң екинши күни сенаторлар тәрепинен дәслеп Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, бул нызам техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў, сондай-ақ, муўапықлықты баҳалаў қағыйдалары бузылыўларының алдын алыў тараўында жүз берген ҳуқықбузарлықлар ушын қолланылатуғын тәсир илажларын және де тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығылған.
Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске муўапықлықты баҳалаў уйымлары тәрепинен муўапықлықты баҳалаў қағыйдаларын техникалық регламентлер талапларына муўапық болмаған өним шығарылыўына ямаса муўапықлықты баҳалаўды әмелге асырыў ушын өнимди усынған физикалық ямаса юридикалық тәрепке зыян жеткерилиўине себеп болатуғын тәризде бузғаны ушын жуўапкершиликти белгилейтуғын өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары, нызамда муўапықлық сертификатын бериўден тийкарсыз түрде бас тартылса, муўапықлық сертификатының ямаса муўапықлық ҳаққындағы декларацияның әмел етиўин тийкарсыз түрде тоқтатып турған ямаса сапластырған муўапықлықты баҳалаў уйымы ҳәм оның лаўазымлы шахслардың жуўапкершилиги де нәзерде тутылмақта.
Атап айтқанда, бул ҳуқықбузарлық ушын лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен 40 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў белгиленбекте.
Егер ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында ҳуқықбузарлықлар қайта жүз берген болса, лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының 40 есесинен 80 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыў нәзерде тутылмақта.
Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи исбилерменлерге хызмет көрсетиўши сынаў лабораториялары ҳәм сертификатластырыў уйымларының жуўапкершилигин арттырыў ҳәм өнимлердиң сапа көрсеткишлерин толық баҳалаў арқалы халықты сапалы өним ҳәм хызметлер менен тәмийинлеўге алып келеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң «Телекоммуникациялар тараўында айырым жумыс түрлерин әмелге асырғаны ушын мәмлекет бажы муғдарларының оптималластырылыўы мүнәсибети менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Нызам менен уялы байланыс виртуал операторлары (провайдерлер)ның жумысын кеңейтиў мақсетинде олар тәрепинен радиотелефон (уялы) байланыс тармақлары хызметлерин көрсетиў нәтийжесинде өндирилетуғын мәмлекетлик бажы муғдарлары азайтылмақта.
Бул тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери тәрепинен базалық есаплаў муғдарының 25 000 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилетуғыны белгилеп қойылмақта.
Соның менен бирге, егер уялы байланыс виртуал операторы тәрепинен гезектеги жыллық бажыны төлеў дәўиринен алдынғы финанслық жылда көрсетилген көшпели радиотелефон (уялы) байланыс тармақлары хызметлериниң баҳасы базалық есаплаў муғдарының 1,5 миллион есесинен артқан жағдайда, бул уялы байланыс виртуал операторы дәраматының 1 проценти муғдарында қосымша мәмлекетлик бажы төлейтуғыны белгиленбекте.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, бүгинги күнде республикамызда өз телекоммуникация тармағына ийе 5 мобиль байланыс базалық операторы хызмет көрсетип келмекте. Радиочастота ресурсына ийе болмаған 1 виртуал мобиль байланыс операторы бар.
Сенаторлардың атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде уялы байланыс виртуал операторларының жумысын кеңейтиўге ҳәм олардың хызмет көрсетиўи ушын әдил бәсеки орталығын жаратыўға ерисиледи.
Таллаўларға қарағанда, аймақлардағы жеке меншик телеканал ҳәм радиоканаллар өз телебағдарламаларын эфирге узатыў ҳәм материаллық-техникалық базаларын заманагөй үскенелер менен тәмийинлеўде айырым финанслық қыйыншылықларға дус келмекте.
Сол себепли нызам менен телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) тармақларын жойбарластырыў, қурыў, олардан пайдаланыў ҳәм олардың хызметлерин көрсеткени ушын төленетуғын мәмлекетлик бажы муғдарлары 50 процентке азайтылмақта.
Бунда теле- ҳәм радиоканаллардың финанслық имканиятларын жақсылаўға, яғный 4,1 миллиард сумға шамалас пул қаржыларын жеке меншик телерадиоеситтириў субъектлериниң жумысын раўажландырыўға ерисиледи.
Нызам менен мәмлекетлик бажыны өндириўде және бир қосымша жеңиллик берилип, оған бола, жыллық өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары теңдей түрде жылдың ҳәр шерегинде бөлинген ҳалда төлеў механизми жаратылмақта.
Сенаторлар бул нызамның қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлерине жеңиллик бериў менен бирге, жеке меншик телерадиоканаллар шөлкемлестириўге ҳәм телебағдарламаларды сапалы контентлер менен толтырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен бирге, гезектеги жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң 2022-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, Орайлық банк 2022-жылдағы жумысын ақша-кредит сиясаты ҳәм макропруденциал илажларының инфляцияға монетар факторлар тәсириниң дәрежесин қысқартыў, банк системасында потенциал қәўип-қәтерлердиң финанслық турақлылыққа тәсирин минималластырыў ҳәм мәмлекетте макроэкономикалық ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеў мақсетлерине қаратылған.
2022-жылы март айында Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы жыллық 17-процентке шекем көтерилген болса, II шеректен баслап макроэкономикалық шараятлардың турақласыўы ҳәм айырым инфляциялық қәўип-қәтерлердиң төменлеўи есабынан тийкарғы ставка 15 процентке шекем түсирилди.
Есабат жылында экономиканы қаржыландырыўда жеке меншик инвестицияларды хошаметлеў, исбилерменлик субъектлериниң өндирислик нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жоқары қосымша қунлы жаңа өндирис жойбарларын финанслық қоллап-қуўатлаў жумыслары даўам еттирилди.
Атап айтқанда, халық ҳәм исбилерменлик субъектлерин қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетлерине 203 триллион ямаса 2021-жылға салыстырғанда 22 процентке көп кредитлер ажыратылған.
Халыққа ажыратылған кредитлер 2021-жылға салыстырғанда 1,6 есеге өсип, 65,3 триллион сумды қурайды. Бул ажыратылған кредит қаржыларының 25,6 процентин микроқарыз, 22 процентин ипотека кредити, 33 процентин тутыныў кредити, 14 процентин микрокредитлер қураған.
Сондай-ақ, 2022-жылы шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 424 мыңнан аслам жойбарларға жәми 9,9 триллион сумнан аслам жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылды.
2022-жылы банклердиң капиталласыў дәрежеси 12 процентке артып, жыл жуўмақлары бойынша дерлик 80 триллион сумға, устав капиталының муғдары 9 процентке өсти.
Соның менен бирге, 2022-жылы банк системасын реформалаў стратегиясы шеңберинде мәмлекет қатнасыўындағы банклерди трансформациялаўға қаратылған жумыслар даўам еттирилип, «Ипотека-банк» ҳәм «Өзагроэкспортбанк»теги мәмлекетлик үлести сырт елли инвесторларға сатыў бойынша процесслер жуўмақланды.
Нәтийжеде мәмлекетлик үлеси бар банк активлериниң банк секторы активлериниң улыўма көлемдеги үлеси 2021-жылдағы 81,5 проценттен 2022-жылы 78,2 процентке төменлеген.
Халыққа республика ҳәм сырт ел төлем системаларының инфраструктурасында бир карта арқалы есап-санақларды әмелге асырыў имканиятын беретуғын кобейджинг банк карталарының саны 2021-жылға салыстырғанда 2,7 есеге артқан.
Соның менен бирге, сенаторлар Орайлық банк тәрепинен әмелге асырылыўы керек болған айырым мәселелерге итибар қаратты.
Соның ишинде, банклерде санластырыўға байланыслы белгиленген бир қатар ўазыйпалардың орынланбай атырғаны, исбилерменлик субъектлерине кредит ажыратыў процесинде ашық-айдынлықтың толық тәмийинленбегени, инсан факторының жоқары екени кредит алыў процесин қыйынластырып, бюрократиялық тосқынлықлардың жүзеге келиўине фактор болып атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, Орайлық банктиң 2023-жылғы жумысында баҳалар турақлылығын тәмийинлеў, пул-кредит сиясаты инструментлерин ҳәм халықтың банклердеги аманатларын қорғаў системасын жетилистириў, инфляцияға монетарлық емес факторлардың тәсирин төменлетиў ҳәм тийкарғы азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды әмелге асырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Додалаўдан кейин Сенаттың Орайлық банк жумысын жетилистириўге қаратылған усыныслары сәўлеленген тийисли қарарлар қабыл етилди.
Сенаттың қырық биринши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 483-статьясына қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде жасларды футболға кеңнен тартыў, футбол тараўында халықаралық талаплар ҳәм стандартлар тийкарында қәбилетли ойыншылар таярлаўдың нәтийжели системасын жаратыў, сондай-ақ, миллий сайланды командалар ҳәм профессионал футбол клублары ушын сапалы спорт резервин қәлиплестириў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, бүгинги күнде қәбилетли жас футболшыларды таңлап алыў системасын ҳәм футбол инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, тараўда маркетинг ҳәм заманагөй басқарыў механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў мақсетинде әмелдеги салық жеңилликлериниң әмел етиў мүддетин созыў зәрүрлиги бар.
Сенаторлардың атап өтиўинше, бул нызам менен Салық кодексине 2023-жыл 1-январьдан 2026-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан футбол ассоциациясы оның аймақлық бөлимлери, «Өзбекстан Профессионал футбол лигасы» жәмийетлик бирлеспеси, Өзбекстан футбол төрешилер орайы ҳәм профессионал футбол клубларына барлық түрдеги салықларды (социаллық салық буған кирмейди) төлеўден азат етиўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Сондай-ақ, өзи тартқан сырт ел қәнигелери ҳәм футболшыларының дәраматларынан төленетуғын физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы бойынша жеңиллик берилмекте.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын Өзбекстан Республикасында уқсасы ислеп шығарылмайтуғын спорт әсбап-үскенелери ҳәм инвентарь және тараўды қоллап-қуўатлаўға байланыслы бир қатар товарлар ушын қосымша қун салығын төлеўден азат етилмекте.
Мәжилисте «Өзбекстан Профессионал футбол лигасы» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм профессионал футбол клубларының финанслық жағдайын жақсылаў, сырт елли жетик қәнигелерди тартыў арқалы тараўдағы қәнигелердиң маманлығын арттырып барыў, сондай-ақ, жеке меншик профессионал футбол клубларын көбейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратыў керек екени атап өтилди.
Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи футбол клубларының жумысын раўажландырыўға, сайланды командалар ушын оқыў-шынығыў процесин нәтийжели шөлкемлестириўге, мәмлекетимизде футбол бойынша ири халықаралық жарысларды, соның ишинде, жас өспиримлер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар командалары арасында жәҳән ҳәм континент бириншиликлерин жоқары дәрежеде шөлкемлестириўди тәмийинлеўге хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Жоқары судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы ҳәм Судьялар жоқары кеңеси қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселелер де додаланды.
Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған 11 мәселе, соның ишинде, 7 нызам көрип шығылды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырық биринши жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети