Ўатанласларымыз әҳмийетли сиясий процесс – референдум алдында тур. Бул илаж тек ғана даўыс бериў емес, ал халқымыз турмысында жаңа бет ашатуғыны күтилмекте. Себеби жаңаланған Конституцияда пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў дәрежеси бир неше мәрте арттырылмақта.

Бул ҳуқықлар нелерден ибарат? Оны ҳәр бир ўатанласымыз билиўи, әҳмийетлиси, түсинген ҳалда референдумда қатнасыўы керек.

Олий Мажлис Сенатының ағзалары усы көзқарастан елимиздиң барлық аймақларында болып, халық пенен ашықтан-ашық сөйлеспекте. Бундай илажларда тек ғана жаңа нормалар түсиндирилип емес, ал халықтың турмыс дәрежеси де үйренилмекте, адамлар менен қызғын сәўбетлер өткерилмекте. Өз гезегинде, машқалалар ушырасқанда оларды шешиў илажлары көрилмекте.

Атап айтқанда, Сенат Баслығы Танзила Норбоева алдын Ташкент қаласы, ўәлаят халқы менен сөйлесиўлер алып барған болса, буннан былай илажларды ўәлаятларда даўам еттирмекте.

Ферғана ўәлаятында жергиликли кеңес депутатлары, мәҳәлле баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, профилактика инспекторлары ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери, профессор-оқытыўшылар, студент жаслар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллер менен ушырасыўлар болып өтти.

Жаңа редакциядағы Конституция нормаларына муўапық мәҳәллеге жаңа ўәкиллик ҳәм исеним берилип атырғаны, халықтың ҳәр бир қатламы менен оның финанслық тийкарын жаратыў үстинде жумыс алып барылып атырғаны атап өтилди.

Конституцияның басқа да нормалары, атап айтқанда, Сенат ҳәм жергиликли кеңеслердиң бирге ислесиўин күшейтиў, инсан ҳуқықларының үстинлиги, ашықлық сиясаты бағдарындағы жаңалықлар бойынша да қызғын пикир алысылды. Өз гезегинде, депутатлар жаңа редакциядағы ҳүжжетке халықтың қызығыўшылығы жоқары екенин, ондағы нормалар, атап айтқанда, инсанның жеке ҳуқықлары менен еркинликлери кепилликлериниң және де күшейтилип атырғанын атап өтти.

Сөйлесиў ўақтында жергиликли кеңес депутатлары бир ўақытлары исеним еркинлиги бағдарындағы тосқынлықлар болғаны, ҳәзирги ўақытта болса бул бағдарда пүткиллей жаңаша сиясат жүргизилип атырғанына итибар қаратты.

Унамлы өзгерислерден қанаатланған пуқаралар өзи ҳәм келешек әўладлардың тәғдирине бийпәрўа болмастан, 30-апрельде өткерилетуғын референдумда белсене қатнасыў нийетинде екени айтып өтилди.

Сенат Баслығы Марғилан қаласында шөлкемлестирилген заманагөй кәсиплер фабрикасы есапланған Санлы технологиялар орайында болды. IT-Парктиң Ферғана ўәлаятындағы филиалы есапланаған бул орайда заманагөй кәсиплерге оқытыў, сол арқалы жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге үлес қосылмақта.

Презентациялар менен танысыў процесинде Т.Норбоева 6-класс оқыўшысы Интизор Ботирова менен сәўбетлести. Сөйлесиў ўақтында усы қыз заманагөй кәсиби артынан АҚШ, Франция, Япония, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден буйыртпалар алып, дәрамат көрип атырғанын айтып берди.

Марғилан қаласындағы «Алтын жипек кәрўан-сарайы» туристлик орайдың жумысы менен танысыў ўақтында уста өнерментлерге Конституцияға киргизилип атырған өзгерислер, оларға жаратылған мүнәсип мийнет шараятлары ҳәм төленип атырған мийнет ҳақылары бойынша сәўбетлести.

Бизге белгили, жаңаланып атырған Конституцияда исбилерменлик жумысы кепилликлерин күшейтиў, базар қатнасықларын раўажландырыў, халықтың бәсекиси ушын шараят жаратыў, қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеў, әдил салық системасын жолға қойыў, монополистлик жумысты шеклеў арқалы түп мәнисинде еркин базар экономикасын қәлиплестириў ушын турақлы тийкар жаратылмақта.

Мине усы мақсетте Сенат Баслығы басшылығындағы жумысшы топар ески қалалардан бири болған Қоқанд қаласында Қоқанд еркин экономикалық зонасы инвестициялық жойбарларының презентациясы менен танысты.

350 адамды жумыс пенен тәмийинлеген кәрхана жумысы менен жақыннан танысты. Кәрхана баслығы ҳәм хызметкерлер менен өткерилген сәўбетте кейинги жылларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәселеси жаңа басқышқа көтерилгени, олардың ҳуқықлары жаңаланып атырған Конституция менен беккемлеп қойылып атырғаны, референдум ҳәр бир инсанның тәғдиринде әҳмийетли роль атқаратуғыны айтып өтилди.

Нуранийлар, жаслар менен ушырасыўлар да қызғын өтти. Әҳмийетлиси, ҳәр бир ўатанласымыз жәмийетте болып атырған процесске бийпәрўа емес екени, оларда қолқатылмаслық сезими жоқары екени белгили болды.

Н.Абдураимова,

ӨзА