АҚШ Қорғаныў министри Ллойд Остин ҳәм Нато Бас хаткери Йенс Столтенберг телефон арқалы сөйлесиўде «Россия менен бирге ислесиў» мәселесин додалады. Бул ҳаққында Пентагон баспасөз хызмети хабар берди.

Билдириўде Остин ҳәм Столтенберг «усы айда НАТО қорғаныў министрлериниң мәжилисинде қабыл етилген қарарларды ҳәм трансатлантикалык қәўипсизликке байланыслы бир қатар мәселелерди көрип шыққаны» айтылады.

Сондай-ақ, тәреплер Россия-Украина әтирапындағы урыслар менен байланыслы әҳмийетли темада сөйлескен.

Буннан тысқары, билдириўде еки басшы «күш көрсетиўди тоқтатып турыў ҳәм қорғаныўды тәмийинлеў зәрүрлиги ҳаққында келисип алғаны» қосымша етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги