Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов тез арада сыртқы транспорт қатнаўын қайта тиклеўге көрсетпе берди.
Социаллық тармақлардағы мағлыўматларға қарағанда, Түркменстан Президенти дүньяда эпидемиологиялық жағдай нормаға түскени, көп мәмлекетлер сырт еллилер ушын ашылғанын еслеткен.
Түркменстан ҳәм басқа да мәмлекетлер арасында турақлы ҳаўа қатнаўы басланған ўақытта, яғный 2020-жылы бәҳәрде тоқтаған еди. Усы жылдың 6-май күни мәмлекет ҳаўа қатнаўының бир бөлегин қайта тиклейтуғыны жәрияланды.
Ҳәзирше Ашхабадтан еки жөнелисте – Қазан ҳәм Дубайға самолёт ушып тур. 1-июньнен баслап Өзбекстан жүк автотранспорт қуралларының шөлкемлескен жыйындысы (автоколонна) ҳәрекетлениўи арқалы Өзбекстан арқалы Түркменстан аймағы бойлап транзит тасыўын әмелге асырыў мүмкин
Қарақалпақстан хабар агентлиги