Байсын районындағы Паданг кеңликлеринде «Байсын бәҳәри» халықаралық фольклор фестивалы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-февральдағы «Байсын бәҳәри» халықаралық фольклор фестивалын шөлкемлестириў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық өткерилген фестивальда дүньяның 30 дан артық мәмлекетинен мәртебели мийманлар, тараў қәнигелери, көркем өнер ўәкиллери ҳәм ықласбентлер қатнасты.

Миллий қәдириятлар улығланған байрамда елимиз фольклор көркем өнериниң шеберлери, Уллы Британия, Франция, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан мәмлекетлериниң көркем өнер шеберлери халық аўызеки дөретиўшилигиниң ең сулыў ырғақлары, миллий дәстүрлерин жоқары шеберлик пенен жырлады.

Мәденият және Туризм ҳәм мәдений мийрас министрликлери, ЮНЕСКО, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген фестиваль әййемги ҳәм ҳәмийше нәўқыран үлкениң туристлик потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылғаны менен де әҳмийетли болды.

Паданг кеңликлеринде жүзден артық отаў үйлер орнатылып, миллий қәдириятларымызға сәйкес безелгени, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар және Термиз қаласы ҳәм районлардан келген өнерментлердиң өнимлери, миллий тағамлар көргизбеси ҳәммеде үлкен қызығыўшылық оятты. Ҳәр қыйлы спорт жарыслары, бақсы-ақынлар таңлаўы, ат үстинде гүрес сыяқлы онға шамалас миллий халық ойынлары өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

Миллий өнерментшилик буйымларының көргизбеси бизге жүдә унады,-дейди франциялы турист Анна Мариа. – Тыныш, абат Өзбекстанның миллий қәдириятлары, үрп-әдетлери менен таныстық. Тек ғана өзбек халқының әййемги аўызеки дөретиўшилиги емес, ал басқа да бир қатар мәмлекетлердиң де фольклор көркем өнерин тамаша еттик.

Қызғын тартысларға бай болған гүрес беллесиўлеринде мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан келген белгили палўанлар өз-ара күш сынасты. +90 килограмм салмақ категориясындағы беллесиўлерде Сурхандәрья ўәлаяты Шеробод районынан Муҳаммадкарим Хуррамов жеңимпаз болды ҳәм 20 миллион сум ақша сыйлығына еристи. Басқа салмақ категориясындағы жеңимпаз палўанлар да мүнәсип хошаметленди.

Халықаралық фестивальдың салтанатлы жабылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы мәденият министри Озодбек Назарбеков, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының ректоры, халықаралық таңлаў төрешилер коллегиясының баслығы Ўрозали Тошматов ҳәм басқалар «Байсын бәҳәри» халықаралық фольклор фестивалында ҳәр бир жәмәәттиң шығыўы,  дөретиўшилик шеберлиги режеде белгиленген тәртиплер тийкарында баҳаланғаны ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз болды. Бул фестиваль ЮНЕСКО қәўендерлигинде қабыл етилгенин мәлим етти. Фестиваль ықласбентлерине ашық аспан астында еки күн даўамында материаллық емес мәдений мийрас дүрданаларын мақтаныш пенен көрсеткен көркем өнер ғайраткерлери, өнерментлер, этноспортшылар ҳәм басқа да тараўлардың пидайыларына, дөретиўшилерине терең миннетдаршылық билдирди. Жеңимпазларды қутлықлады.

Көтериңкилик пенен өткерилген сыйлықлаў мәресиминде фольклор көркем өнери, миллий халық ойынлары ҳәм тамаша көркем өнери бойынша шөлкемлестирилген таңлаў жеңимпазлары жәрияланды. Оған бола, фольклор бағдарында 1-орынды Сурхандәрья ўәлаятындағы «Байсын» фольклор-этнографиялық халық ансамбли ийеледи. 2-орын Хорезм ўәлаятындағы «Жўралар», Тәжикстан Республикасының «Бибиҳо» фольклор ансамбльлерине несип етти. 3-орынды Қарақалпақстан Республикасының «Ақ мешит», Қырғызстан Республикасының «Ибрат», Наўайы ўәлаятының «Наўайы» фольклор ансамбльлери қолға киргизди. Халық ойынлары ҳәм тамаша көркем өнери бағдарында 1-орын Жиззақ ўәлаяты, 2-орын Сурхандәрья, Ташкент ўәлаятлары, 3-орын Әндижан, Ферғана, Наўайы ўәлаятларының жәмәәтлерине несип етти.

Сондай-ақ, номинациялар жеңимпазлары анықланды. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине арнаўлы диплом, фестиваль белгиси түсирилген естелик саўғалары, ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги прогресс бесиги, тилсимлер мәканы болған Байсынды «Туризм районы», деп жәриялады ҳәм район ҳәкими Асқаралы Жўраевқа усы жоқары тән алыўдың символикалық гилти тапсырылды.

Мәресим қызықлы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,
ӨзАның хабаршысы