Президент Шавкат Мирзиёвтиң басшылығында өткерилип атырған видеоселектор мәжилисинде ҳәзирги қурамалы жағдайда бизнес ҳәм исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар көрип шығылып атырғаны мәлим етилди.

-Ашық айтыў керек, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға шараятлар жаратыў бағдарында барлық район ҳәм қалалардағы жағдайды бирдей қанаатландырарлы деп болмайды,-деди Президент.

Мысалы ушын, 2022-жылдың 1-шерегинде айырым аймақларда исбилерменлик белсендилиги төменлеген. Республика бойынша усы жылы 5,5 мың кәрхана өз жумысын тамамлаған.

Бул көрсеткиш Наманган, Самарқанд ҳәм Қашқадәрья, Хорезм, Қарақалпақстан ҳәм Ташкент ўәлаятында салыстырмалы көп.

Улыўма, аймақларда өткерилген ушырасыўларда исбилерменлер тәрепинен 1 мыңнан артық машқала көтерилген. Олардың тийкарғы бөлеги кредит алыў, салық ҳәкимшилиги, жер ажыратыў, электр, газ ҳәм суўға жалғаныў менен байланыслы.

«Бир айна»ға өткен жылы электр, газ ҳәм суў және басқа да инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў бойынша исбилерменлердиң 70 мыңнан артық, 2022-жыл 1-шеректе болса 10 мыңға шамалас мүрәжаты өз ўақтында шешилмегени сынға алынды.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисти даўам еттирди.

Хызметлер тараўында бурын ажыратылып, қайтарылған 360 миллиард сум ресурслардан ҳәзирги күнге шекем  тек ғана 9 миллиард сумы (ямаса 3 проценти) жаңа жойбарларға қаратылғаны атап өтилди.

Хызметлерди раўажландырыў ушын банклерге жайластырылған ресурслар бойынша бурынғы процент (10 процент) ставкаларын өзгериссиз қалдырыў тапсырылды.

Исбилерменлик қорының исбилерменлерге компенсация төлемлерин кеңейтиў ушын қорға 400 миллиард сум, кейин ала және 500 миллиард сум қаратыў ўазыйпасы қойылды.

Буннан тысқары, хызметлер тараўы ушын Миллий банк тәрепинен тартылған 200 миллион доллар есабынан исбилерменлерге 5 миллиард сумға шекем кредитлер ажыратылады. Онда, кредит ставкасы Исбилерменлик қорының компенсациясы менен 18 проценттен аспайды.

1-декабрьге шекем жоқарыда атап өтилген қаржылар толық исбилерменлерге берилиўи шәрт екенлиги белгиленди.

ӨзА