Өзбекстан Республикасы Президенти “Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниӊ жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық:

Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети жумысыныӊ тийкарғы бағдарлары;

Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниӊ шөлкемлестириў структурасы;

Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниӊ жумысын жолға қойыў ҳәм санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўларында мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириў бойынша “жол картасы” тастыйықланды.

Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниӊ структурасында юридикалық тәреп шөлкемлестирмеген ҳалда Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаменти, Комитет жанында мәмлекетлик мәкеме түринде Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайы шөлкемлестириледи.

Усы қарар менен Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниӊ Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги департаментиниӊ тийкарғы ўазыйпалары тастыйықланды.

Сондай-ақ, усы қарарға бола Комитет жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған бюджеттен тысқары Санаат қәўипсизлиги тараўын қоллап-қуўатлаў қоры да шөлкемлестириледи.

ӨзА