Еликқала районындағы «Арал балалары» дем алыў орайында жаз мәўсиминде дем алыў орынларының жумысларын жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткериўге бағышланған Қарақалпақстан Республикасы аймақлық  әмелий оқыў семинары болып өтти.

Оған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.Жалменов, министрлик, тармақлық комитет, кеңес баслықлары, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары, басқармалар, шөлкемлер, руўхый-ағартыўшылық бөлимлери, дем алыў орайларының басшылары ҳәм үлкен тәрбияшылары қатнасты.

Семинарды Балалардың дем алыўын ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаментиниң Қарақалпақстан басқармасы баслығы  С.Өтеӯлиев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Онда тийисли министрлик  ҳәм басқармалар басшыларының баянатлары тыңланып, мәўсим даўамында балалардың қәўипсиз дем алыўын тәмийинлеўге байланыслы бир қатар ўазыйпалар белгиленип алынды.


Сондай-ақ, семинарда өткен жылғы жумыслар да талланып, жол қойылған кемшиликлерди быйыл болдырмаў бойынша өз-ара келисилди ҳәм қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берилди. Семинар соңында районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен ана-Ўатан ҳәм бийғам балалықты жырлаўшы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги