«Жерге меҳир берип, мийнет етсең жер сени мийўе, жемиси менен бағады» дейди баба дийқанлар. Сонлықтан да мийнет еткен инсан ҳеш қашан кем болмаған. 

Тақыятас районы «Нурлы келешек» МПЖ аймағында жасаўшы Шавкат Сапарбаев өзиниң 40 сотых жер майданына капуста егип, оннан мол дәрамат алыўды күтпекте.

-Голландияның «Канкунер» сортынан 30 мың нәл ектим. Ҳәр бир капуста 2 килограммнан өним бергенде , 50 тоннаға шекем өним алыўымызға болады,-дейди ол.

Ҳәзирги ўақытта писип жетилисип, базарға шығарып атырған өниминен фермер 90 миллион сумдай  дәрамат  алыўды гөзлемекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги