Жаӊа пәрман

Инсан капиталы мәмлекеттиӊ әҳмийетли миллий байлығы ҳәм оныӊ ҳәр тәреплеме раўажланыўында жоқары билимендириў системасыныӊ орны шексиз. Соныӊ ушын, соӊғы жыллары жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалар себепли, заманагөй пикирлейтуғын, интеллектуаллық жақтан раўажланған, профессионал таярлыққа ийе болған жаӊа әўлад кадрларын таярлаў жаӊа басқышқа алып шығылды.

Атап айтқанда, бул өзгерислерди төмендеги санлар мысалында да көриў мүмкин. 2016-2017-оқыў жылында мәмлектимизде жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ саны 70ти қураған болса, бүгинги күнге келип олардыӊ саны 214 ке жетти. ЖООлар саныныӊ көбейиўи менен бирге олардағы қабыллаў көрсеткишлери де сезилерли дәрежеде көбейди. Ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларына қабыллаў квотасы 2016-жылғы 9 проценттен 42 процентке жеткерилди.

Сондай-ақ, педагог ҳәм студентлердиӊ, илим алыў, оқып излениўи ушын жаратып берилген шараятлар себепли, жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ илимий потенциалы 41 процентке жеткерилди. Онда илимий-изертлеў жумысы менен шуғылланыўшылардыӊ саны 2023-жылдыӊ ақырына келип 6 265 ти қурап 26,4 процент өсимге ерисилди. ЖООлар ушын 146 атамадағы 23 900 нусқада оқыў әдебяиты, профессионал билимлендириў мәкемелери ушын болса 65 атамадағы 49,2 мыӊ нусқа арнаўлы пәнлерден әдебиятлар баспадан шығарылып, билимлендириў орынларына жиберилди.

Нәтийжеде бүгинги күнге келип, “ҚС Илим тараўлары рейтинги”нде 2 жоқары оқыў орны 4 илим тараўы бойынша “Топ-500”, “ҚС Азия университетлери рейтинги 2024” дизиминде 14 жоқары оқыў орны “Топ-1 000”, “ҚС турақлылық – 2024” рейтингинде 3 жоқары оқыў орны “Топ-1 000” университетлер дизимнен орын алды.

“Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеӊберинде болса 10 жоқары билимлендириў мәкемесин дүньяныӊ еӊ абырайлы “Топ-1 000” жоқары билимлендириў шөлкемлери рейтингине киргизиўге ерисиў мақсет етилген.

Усы сыяқлы жоқары билимлендириў системасында ерисилип атырған унамлы нәтийжелерге және көплеген мысаллар келтирип өтиў мүмкин, әлбетте. Бирақ, бәршемиз ушын әҳмийетли болған ўазыйпа бул өткен ўақыт даўамында арттырылған тәжирийбелерден дурыс жуўмақ шығарған ҳалда тараўды және де раўажландырыў, жоқары билим алыў тилегинде болған жасларымыз ушын кеӊирек имканиятлар жаратып бериў болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысыныӊ күни кеше қабыл етилген “Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыл етиў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм онда белгилеп берилген ўазыйпалар әне, усы мақсетлерди әмелге асырыўда әҳмийетли бағдарламалық ҳүжжет болып хызмет ететуғыны анық.

Пәрманда белгиленгениндей енди, 2024-2025-оқыў жылы қабыллаўынан баслап мәмлекетлик буйыртпа параметлерин мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери кесиминде бөлистириў әмелияты бийкар етилип, бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша күндизги билимлендириў түринде тастыйықлаў тәртиби енгизиледи. Әлбетте, жоқары әскерий ҳәм әскерийлестирилген билимлендириў мәкемелеринен тысқары.

Сондай-ақ, мәмлекетлик грант квоталарыныӊ жоқары билимлендириў шөлкемлери кесиминде бөлистирилиўи тийисли бакалавриат билимлендириў бағдары бойынша дизимнен өткен абитуриентлердиӊ таӊлаўы ҳәм топлаған балларына бола әмелге асырылады. Онда бакалавриат ҳәм магистратураға қабыл етилген студентлерге билимлендириў гранты бир оқыў жылы ушын ажыратылады.

Яғный, билимлендириў гранты биринши курста жоқары билимлендириў шөлкемлерине ажыратылған мәмлекетлик буйыртпа квотасына муўапық кириў имтиханларында жоқары балл топлаған студентлерге ажыратылса, екинши ҳәм оннан кейинги курсларда жоқары академиялық рейтинг көрсеткишлерине ерискен ҳәм жәмийетлик белсенди студентлер арасында жоқары билимлендириў шөлкемлери тәрепинен дифференцияластырылған тәртипте қайта бөлистириледи.

Бул әдалатлы билимлендириў системасыныӊ иске қосылыўы мыӊлаған жасларымызға хошаметлеў болып, оларды оқыўға киргеннен кейин да саламат бәсеки руўхында өз үстилеринде және де көбирек излениўине шақырады деп ойлаймыз. Себеби, әмелдеги системада арзымайтуғын бири кише қәтеликти деп контрактқа түсип қалған абитуриентлер шаӊарақлық ҳәм экономикалық машқалалары себепли бир жыл ўақытты жоғалтыўға яки болмаса, төрт жыл қыйналып контракт төлеп билим алыўға мәжбүр болып киятырған еди.

Пәрман менен киргизилип атырған және бир әҳмийетли өзгерис бул 2025-жылдан баслап мәмлекетлик буйыртпа параметрлери Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен қәлиплестирилетуғын жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талап прогнозына муўапық түрде төрт жыллық дәўир ушын тастыйықланыўы болып табылады. Бул система да келешекте заман талаплары тийкарында кадрларды таярлаў ҳәм питкериўши кадрлар ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болады.

Улыўма алғанда, пәрманда мәмлекетлик грант ҳәи төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыл етиўдиӊ минимал өтиў балларын есапқа алған ҳалда Мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгилениўи, магистратура қәнигеликлери ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў қәнигеликлерине қабыл етиўде шет тилин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий яки халықаралық сертификат талапларыныӊ жеӊиллестирилиўи ҳәм жеӊиллик пенен мәмлекетлик грант тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентке усы жеӊилликтен қайта пайдаланыўға рухсат етилмейтуғыны сыяқлы көплеген унамлы өзгерислер нәзерде тутылған.

Бул өзгерислер жасларымызға өзлери қызыққан тараў ҳәм бағдарда жоқары билим алып, өз билимлерин беккемлеў арқалы ертенги күнде мәмлекетимиздиӊ раўажланыўын белгилейтуғын кадрлар болып жетилисиўинде әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.

Махфират ХУШВАҚТОВА,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты.

ӨзА