Мәмлекетимизде түрли миллет ўәкиллери  тили, дини, миллетине қарамастан бир атаның перзентлериндей аўызбиршиликте жасап, елимиздиң раўажланыўы жолында халық хожалығының ҳәр түрли тараўларында мийнет етпекте.

Рәсмий мағлыўматларға қарағанда мәмлекетимизде миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт  еллер менен дослық байланыслары комитети жанында 138 миллий мәдений орай, буннан тысқары 16 конфессияға тийисли 2300 ге шамалас диний шөлкемлер жумыс алып бармақта. Түрли миллет ҳәм дин ўәкиллериниң ҳуқықлары менен  мәплерин қорғаў ушын Конституциялық кепилликлер белгиленген. Онда ең дәслеп пуқаралардың жынысы, расасы, миллети, тили, дини, социаллық келип шығыўы, жеке ҳәм социаллық дәрежесине қарамастан олардың нызам алдында ҳәмме менен тең ҳуқықлығын тәмийинлеў айрықша итибарға алынған. Мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар орайында ең дәслеп  инсан мәпи, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў мақсети турады. Пуқаралардың мәплерин тек ғана тынышлық ҳәм татыўлық, өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт  ҳәм аўызбиршиликти сақлаў арқалы ғана тәмийинлеў мүмкин.

Бул ҳаққында пайтахтымыздағы «Дослық үйи» нде болып өткен «Динимиз басқа, жүрегимиз жақын» атамасындағы семинар-тренингте сөз етилди. Илажда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, илимий хызметкерлер, студент -жаслар  қатнасты. Онда мәмлекетимизде ҳәр түрли миллет ўәкиллериниң тең ҳуқықлы екенлиги ҳәм дослық қатнасықлары, диний кеңпейиллик, жәмийетимизде ушырасып атырған диний түсинбеўшиликлердиң алдын алыў мәселелери сөз етилди.

Республикамыздағы қарақалпақ шаңарақларының бирине келин болып түскен рус қызы Наталья  Пирниязова өзиниң өмир  жолы, қарақалпақ жигити менен байланысқан турмысы, бахытлы шаңарағы ҳаққында сөз етип, семинар қатнасыўшыларында жақсы тәсирлер қалдырды. Дини, тили басқа болыўына қарамастан оған шаңарақ ағзалары тәрепинен көрсетилген ҳүрмет-иззет, оның ата-ене, бийкеш, қәйинлерине қарақалпақ үрп-әдет ҳәм дәстүрлери тийкарында мүнәсибетте болыўлары, олардың да оны жақсы қабыл еткенлиги нәтийжесинде тез үйренисип кеткенлиги сөз етилди.


– Мен ноябрь ҳәм февраль айларында Өзбекстан Журналистлерди қайта таярлаў орайы ҳәм Канаданың «Серч фо Коммон Граунд» ( Search for Common Ground) шөлкеми менен биргеликте өткерилген еки басқышлы семинар тренингке қатнасқан едим ҳәм усы семинар жуўмағында таңлаў шөлкемлестирилген еди. Усы грант таңлаўына қатнасып, ислеп шыққан жойбарым бойынша жеңимпаз болған едим,- дейди семинар шөлкемлестириўшиси, радиожурналист, «Алтын қәлем» ХVIII  Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўының жеңимпазы Қундыз Жумағалиева. Жойбардың мақсети түрли миллет ўәкиллери арасында дослық қатнасықларды  беккемлеў, ҳәр түрли динлер арасында дини басқа болса да олардың аўызбиршиликте жасаўын ис жүзинде көрсетиў, провакаторлардың тынышлығымызға көз алартып, түрли динлер арасында ғалаўытларды салыўы нәтийжесинде түсинбеўшиликлердиң келип шығыўының алдын алыў болып есапланады.


Семинарда баянатлар тыңланып, сораў-жуўап ҳәм пикир алысыўлар менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги