Әмиўдәрья районындағы Холимбег аўылында жасалма қапламалы футбол майданшасы қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Оның ашылыў салтанатында район ҳәкими С.Хожаметов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, спортшылар тәрепинен қолға киргизилип атырған жетискенликлер, онда холимбегли спортшы жаслардың да мүнәсип үлеслери бар екенлигин, аўыл жасларының спортқа болған қызығыўшылығын арттырыўда заманагөй спорт майданшаларының әҳмийетине тоқтап өтти. Сондай-ақ тасланды, қараўсыз қалған жерде усындай спорт майданшасын қурып берип, қайырлы иске қол урған исбилермен – “Дурдона-Эъзоза-Асалой” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Амина Тажимуратованың алдағы ислеринде табыслар тиледи.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, бул жер алдынлары қараўсыз қалған еди. Исбилермен Амина Тажимуратованың басламасы менен бул жер абат етилди. Исбилермен жәми 300 миллион сум, соннан 33 миллион сум банк кредити, қалғаны өзиниң есабынан жасалма қапламалы футбол майданшасын қурып берди. Бул майданша келешекте аўыл жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериўге, олардың саламатлығын беккемлеўге, аймақтан белгили спортшылардың жетилисип шығыўына хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги