14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни
14-январь – Ўатан қорғаўшылары күнин көтериңки руўхта өткериў мақсетинде елимизде “Ўатансүйиўшилик айлығы” жәрияланып, ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық, мәдений ҳәм көркем-әдебий илажларды, ушырасыўларды ҳәм жарысларды шөлкемлестириў дәстүрге айланған.
Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен ветеранлар ҳәм әскерий хызметкерлердиң қатнасыўында “Ветеранлар ҳәм жаслар” атамасында тараўдың үш әўлад ўәкиллерин бирлестирген ушырасыў болып өтти.
Илажда мәмлекетимиз Қорғаныў министрлиги системасында көп жыллық хызмет ҳәм турмыслық тәжирийбесине ийе инсанлар ҳәзирги ўақытта армия қатарында хызмет етип атырған офицер, сержант ҳәм әскерлерге бүгинги Қураллы Күшлеримиз мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў ҳәм халқымызды ҳәр қандай қәўип-қәтерден қорғаўға ылайық екенлигин жақсы мысаллар менен атап өтти.
Шынында да, бүгинги тыныш заманды қорғаў ҳәм келешек әўладқа жеткериў ҳәр биримиздиң муқаддес миннетимиз. Әсиресе, соңғы жылларда бул әскерий бөлимде әмелге асырылған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары бурынлары әрман еди. Оның әмелге асыўы ветеранларда үлкен тәсир қалдырды.
Сәўбетлесиў даўамында әскерий хызметкерлер көп жыллық тәжирийбеге ийе болған ҳәм бүгинги күнде де армия турмысы менен бирге жасап атырған устазлардан баҳалы мәсләҳәтлер алып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Мийманлар әскерий бөлимде жаратылған шараятлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги