Усы күнлерде «Өзбекгидроэнерго» АЖ басқармасы баслығы Абдуғани Сангиновтың басшылығындағы делегация әмелий сапар менен Қытай Халық Республикасында болып турыпты.

Усы сапар шеңберинде бир қатар ушырасыў ҳәм додалаўлар өткерилип, еки тәреплеме бирге ислесиўди  раўажландырыў бойынша әҳмийетли мәселелер көрип шығылмақта.

Бул сапар етиўдиң әҳмийетли ўақыяларынан бири Гуанчжоу қаласындағы «China Southern Power Grid International Co Ltd» (CSGI) компаниясы штаб-кввртирасына сапар ҳәм әмелий ушырасыў болды.

Ушырасыў даўамында еки тәреп арасындағы бирге ислесиў шеңберинде әмелге асырылған жумыслар талланып, перспективадағы режелер додаланды. Атап айтқанда, Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы Пскем дәрьясында «Жоқары Пскем ГТЭС» ҳәм «Хожакент ГТЭС» қурылысына қаратылған инвестиция жойбарларына айрықша итибар қаратылды.

Онда «Жоқары Пскем ГТЭС» жойбарының жойбаралды ҳүжжетлери дерлик таяр болғаны ҳәм оның миллий электр энергия системасы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди. Жойбарды әмелге асырыў жумысларын 2025-жыл март айында баслаўға  келисилди.

Сондай-ақ, бул жойбар Орайлық Азия регионындағы биринши ГТЭС сыпатында тарийхый әҳмийетке ийе екенлиги себепли 2025-жыл 10-март күни оның  қурылысына рәсмий старт бериў мәресими өткерилиўи режелестирилген.

Сөйлесиў ўақтында «Хожакент ГТЭС» жойбары бойынша да әҳмийетли келисимге ерисилди. Жойбарды өз-ара әмелге асырыў келисими (JDA) ҳүжжети салтанатлы түрде қол қойылды.

«Хожакент ГТЭС» қурылысын 2025-жылы баслаў режелестирилген болып, бул жойбар мәмлекеттиң электр энергия тәмийнаты ушын үлкен әҳмийетке ийе екени  атап өтилди.

«CSGI» компаниясы 2002-жылы қурылған болып, Қубла Қытайдағы ең  ири мәмлекетлик энергетика компанияларынан бири есапланады. Ол электр энергиясын ислеп шығарыў, узатыў ҳәм бөлистириўге қәнигелескен. Компания 2023-2024-жылларда 1,35 ГВт.саат электр энергиясын сатыў арқалы 842,6 миллиард юань (118,8 миллиард  доллар) операциялық дәрамат алған ҳәм «Fortune Global 500» дизиминде 78-орынды ийелеп турыпты.

Жәмийеттиң мәлимлеме хызметине бола, бул жойбарлар арқалы Өзбекстанда жоқары қуўатлылықтағы гидроэнергетика объектлери қурылып, халқымыздың экологиялық таза электр энергиясына болған талабын қанаатландырыў, сондай-ақ, раўажланып атырған санаатты  турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеўге үлес қосылады.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА