Президент Қасым-Жомарт Тоқаев Қазақстанды атом энергетикасы тараўында жетекши мәмлекетке айландырыў мақсетинде атом электр станциялары қурылысы жеделлесиўи зәрүрлигин атап өтти.
– Биз еки, итимал үш үлкен станция қурыўымыз керек, – деди ол Астанадағы Жойбар мәкемесине сапары даўамында. – Мақсет жасалма интеллект ҳәм санластырыў жедел ислейтуғын, раўажланған атом энергетикасына ийе мәмлекет қурыў.
Тоқаев жергиликли газетаға берген интервьюинде республика ушын қуўаты күшли АЭС зәрүрлиги, жақын жылларда екинши ҳәм үшинши сондай комлекслер қурылысы басланыўы мүмкинлигин атап өткен.
2024-жылы 6-октябрь күни болып өткен, 63-66 процент қатнасыўы тәмийинленген реферундумда 71,12 процент пуқара АЭС қурылысын мақуллады. Энергетика министрлиги изертлеўине бола, Балхаш көли жанында, Алма-ата ўәлаятындағы аймақ қурылыс ушын ең мақул, деп табылған.
Әйне ўақытта Қытайдың CNNC, Қубла Кореяның KHNP, Францияның EDF ҳәм «Росатом» сыяқлы бир неше потенциаллы компания варианты көрип шығылмақта. Ҳүкимет бундай жойбарды әмелге асырыў ушын халықаралық консорциум дүзилиўи мүмкинлиги, процессте Қазақстан бас муўапықластырыўшы болыўы мәселесин де үйренбекте.
ӨзА