Қытай Халық Республикасы Синьцзян-Уйғур автоном районы Аксу округи ҳәм Нөкис районы дослық қатнасықларын орнатыў бойынша келисимлер тийкарында Қытай Халық Республикасы Аксу округи партия комитети секретарының орынбасары хəм Чжэцзян провинциясы Синьцзян-Уйғур автоном районына жəрдем көрсетиў штаб командири Ло Мэйин басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасында хызмет сапары менен болды.

Мийманларды Нөкис халықаралық аэропортында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығының  орынбасары Б.Өтемуратов ҳәм Нөкис районы ҳәкими З.Зайтовлар  күтип алды.

Қытай делегациясы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде болып,  Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ тараўлар бойынша орынбасарлары менен сәўбетлесиў өткерилди. Сәўбетлесиўлер барысында аўыл хожалығы, өндирис, инвестиция бағдарламаларында еки мәмлекет арасында бирге ислесиў режелери додаланды.



Буннан соң мийманлар Нөкис районы аймағында жайласқан Аралбойы Халықаралық инновация орайында алып барылып атырған жумыслар менен таныстырылып, орайда жетилистирилип атырған пахта, қулпынай жетистириў, балық өршитиўдиӊ жаӊа инновациялық усыллары көрсетилди.

Район аймағында аўыл хожалығы тараўында Дән ҳәм илим-изертлеў институты тәрепинен бийдайды тамшылатып  суўғарыў, пахта шийки өнимин жетистириў, «Нөкис агро фиш кластер» кәрханасында интенсив усылда балық жетистириў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен таныстырылды, алдағы ўақытта бирге ислесиў мақсетинде режелер тастыйықланып, келисилип алынды.

   

Делегацияның хызмет сапары соңында  Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик музейине саяхат шөлкемлестирилип, бул жердеги Қарақалпақстан Республикасыныӊ тарийхы ҳәм миллий мәдениятына тән болған экспонатлар менен таныстырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги