Республикамыз пахтакешлериниң жазы бойы еткен мийнетиниң жемиси көрине баслады.
Быйылғы жылы ҳаўа-райының қолайлы келиўи, агротехникалық қәделердиң өз ўақтында сапалы алып барылыўы нәтийжесинде дийқанларымыз бийдайдан мол зүрәәт алыўға еристи. Бийдайдан босаған атызлардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде тәкирар егинлер егилмекте. Буннан руўҳланған фермерлеримиз пахтадан да мол зүрәәт алыўды нийет етип отыр.
Төрткүл районындағы “Қўшназар пахтакор” фермер хожалығы атызларында плёнка астына егилген пахтаның дәслепки өними көрине баслады. Жоқары шеклерди гөзлеген фермерлеримиздиң быйылғы жылғы қырманы мол болыўын тилеп қаламыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.