Аўыл хожалығында көпшилик қол мийнети жумыслары ҳаял-қызлар тәрепинен орынланады.
Бүгинги күни бир топар жәрдемши ҳаял-қызлар Беруний районындағы “Кучкинов Қудрат” фермер хожалығының бийдай атызларында мәўсимлик жумыслар менен бәнт болмақта.
Жәрдемшилер отрядының баслығы Дарменжан Aбдуллаева 25 ҳаял-қыз бенен бийдай атызларын жабайы шөплерден тазалап, комбайнлардың орыўына таярламақта. Жумыс көбейген ўақтында 70 ке шекем ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленеди. Жумыс күниге 8 саат етип белгиленген.
Плёнка астына қаўын-ғарбыз егиў, пахтаны бирлеў, палыз егинлерин егиў жумысларда жәрдемшилердиң мийнети көп. Белгиленген жумысларды пухта орынлап, ҳадал мийнетиниң арқасында дәрамат алмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги