Бүгинги күни Президентимиз тәрепинен IT тараўын жедел пәт пенен раўажландырыў бағдарында бир қанша басламалар алға қойылып, көплеген  илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги ҳәм Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университетиниң басламасы менен усы жылдың 20-24-май күнлери аралығында билимлендириў, илим ҳәм студентлердиң стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў, олардың арасында қәнигелик жарысларын өткериў мақсетинде улыўма фонды 1.2 миллиард сумды қураған “TUIT bright future week” таңлаўлар ҳәптелиги өткерилди. Бул илажларда мәмлекетимиздеги 30 дан зыят жоқары оқыў орны, Ташкент информациялық технологиялар университети ҳәм оның аймақлық филиалларынан 3 мыңнан зыят қәбилетли студент-жаслар қатнасты.

Таңлаўлар ҳәптелигине Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының да белсенди студент-жаслары өз стартап жойбарлары, қолланбалы көргизбелер ҳәм IT тараўын раўажландырыў бағдарындағы идеялары менен қатнасты.

Биринши күннен баслап студентлердиң еркин турмысқа қәдем қойыўы, өз қәбилети ҳәм потенциалын толық көрсете алыўы  ушын имканиятлар жаратыў, олардың бәнтлигине көмеклесиў, студентлердиң келешектеги кәсиплик жумысына болған қызығыўшылықларын буннан былай да арттырыў мақсетинде “My future job” тренинг ҳәптелиги шөлкемлестирилди. Онда филиал студент-жаслары “Coursera”, “Plug&Play”, “EPAM systems”, “EeDen LLC”, “Silk Road Professionals”, “Gcore”, “MAAB Innovation” сыяқлы ири компания ўәкиллеринен көплеген мағлыўматлар алып, өзлериндеги билим ҳәм көнликпелерин беккемлеп, келешек кәсиплерине қызығыўшылықларын арттырды.

Таңлаўлар ҳәптелиги шеңберинде 500 миллион сумлық сыйлық фондына ийе “UNICORN” стартаплар таңлаўы, Киберқәўипсизлик бойынша CTF Cyber Challenge жарысы, “United Clean Coders” (UCC) , ал студент-қызлар ушын болса “TUIT Digital Girls” хакатоны, “3i: idea, invention and innovation” студентлер қолланбалары ҳәм жойбарларының көргизбеси шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Ташкент информациялық технологиялар университети ҳәм оның аймақлық филиалларынан 500 ге шамалас студент-жас қатнасқан, улыўмалық сыйлық фонды 75 миллион сумды қураған киберспорттың Counter strike 2, Dota 2 және PUBG mobile түрлерин өзинде жәмлеген  TUIT Cyber Games жарысы да болып өтти.

Таңлаўлар ҳәптелигиндеги жарысларда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы студенти Армон Оразов “UNICORN” стартаплар таңлаўында өз жойбары менен қатнасып, сыйлы 1-орынды ийеледи ҳәм 50 миллион сумды қолға киргизди. Сондай-ақ, улыўмалық сыйлық фонди 75 миллион сумды қураған киберспорттың Counter strike 2 түри бойынша филиалымыз ер балаларынан дүзилген команда сыйлы 2-орынды ийелеп, арнаўлы статуэтка ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Мәмлекетимиздиң раўажланыўы ушын әҳмийетли болған тараўлардағы социаллық-экономикалық машқалаларға илимий шешим излеп табыўда жаслардың белсене қатнасын тәмийинлеў ҳәм санлы технологияларды қосқан ҳалда олардың шешимлерин усыныс етиўде ҳаял-қызлардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў, жаңа инновациялық IT өнимлери ҳәм хызметлерин ислеп шығарыўы ушын олардың басламалары ҳәм усынысларына итибарды арттырыў мақсетинде “ТУИТ Дигитал Гирлс” хакатонының шөлкемлестирилиўи бул ҳаял-қызларымыздың ИТ тараўын раўажландырыўда ер-азаматларымыз бенен тең қәдем таслап, Өзбекстан ИТ тараўын раўажландырыўдағы белсендилигиниң айқын дәлили болды  десек қәтелеспеген боламыз. Оған қатнасқан филиал студент-қызларынан дүзилген топар ең жақсы жойбар номинациясы менен сыйлықланды. Оларға арнаўлы сертификат, естелик саўғалары тапсырылды.

Сондай-ақ, “TUIT Bright future Week” таңлаўлар ҳәптелиги шеңбериндеги “3i: idea, invention and innovation” студентлердиң қолланбалары менен жойбарлары көргизбесинде “Виртуал лаборатория” жойбары менен қатнасқан Малика Сагидуллаева “Билимлендириў тараўындағы ең жақсы идеа” номинациясы жеңимпазы болды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы статуэтка ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.


Р.ӨТЕНИЯЗОВ,

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалының директоры ўазыйпасын ўақынша атқарыўшы, техника илимлериниң докторы, профессор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги