Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң жоқары ўәкили Фатима Рабабханым менен ушырасты.

Онда Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия регионының келешеги ушын әҳмийетли болған мәселелер бойынша сәўбетлесилди.

Соның ишинде, теңиз жолы арқалы саўда байланысларын раўажландырыў, Өзбекстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўы, келешектеги режелери ҳаққында пикир алысылды.

Сондай-ақ, Өзбекстанның соңғы жыллары қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара жақсы қатнасықларының көлеми кеңейип атырғаны, региондағы климат өзгериўи, экологиялық машқалаларға қаратылып атырған итибар ҳәм шешимлер, аўыл хожалығындағы инновациялық жойбарларды әмелге асырыў, онлайн саўда системасын раўажландырыў, транзит жолларының қәўипсизлиги мәселелерине де итибар қаратылды.

Сөйлесиў даўамында Орайлық Азия регионындағы сыртқы саўда, транспорт ҳәм коммуникация тараўлары ҳәм бул бағдарда халықаралық дәрежеде ислениўи зәрүр болған жумыслар додаланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги