Өзбекстан делегациясы жазғы Паралимпиада ойынларында медальлар сапасы бойынша өз тарийхындағы ең жақсы нәтийжесин жаңалады.

Париж қаласында XVII жазғы Паралимпиада ойынлары өз жуўмағына жетпеген болса да, Өзбекстан делегациясы ҳәзирги ўақыттың өзинде 9 алтын, 6 гүмис ҳәм 5 қола медаль менен өз тарийхындағы ең жақсы нәтийжени жаңалап үлгерди.

Еле алдында пара жеңил атлетика, пара дзюдо, пара жүзиў, пара пауэрлифтинг ҳәм пара каноэ бойынша спортшыларымыздың қатнасыўы даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги