Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-сентябрь күни XVII жазғы Паралимпиада ойынларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери менен ушырасты.

Илажда Миллий Паралимпиада комитети ҳәм спорт федерациялары басшылары, тренерлер, спортшылардың ата-аналары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.



Бизге белгили, бул жарыс 28-августтан 8-сентябрьге шекем Франция пайтахты Париж  қаласында болып өтти. Онда 168 мәмлекеттен 4 мың 400 ге шамалас паралимпиадашылар қатнасты. Өзбекстаннан 9 спорт түри бойынша 65 пара спортшылар қатнасты.

Олимпиадада болғанындай, Паралимпиада ойынларында да мәмлекетмиз ушын жеңислер, рекордлар көп болды. Ўәкиллеримиз 10 алтын, 9 гүмис, 7 бронза- жәми 26 медальды қолға киргизип, улыўма команда есапта дүньяда 13-орынды, Азия континентинде 3-орынды, түркий ҳәм ислам мәмлекетлери ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы бойынша 1-орынды ийеледи.


Президент спорт жәмийетшилигин бул нәтийжелер менен халқымыздың атынан қутлықлап, шығып сөйледи.

Паралимпиада ойынлары –бул ҳақыйқый ерк-ықрар, күш ҳәм мәртлик, жақсылық ҳәм гуманизм көриниси. Сиз жоқары жетискенликлерди ийелеп, жарыслардың ҳақыйқый қаҳарманларына айландыңыз. Өзбекстан өз спорт тарийхында көплеген жетискенлерди көрген. Бирақ Паралимпиада ойынларында бундай рекорд нәтийже алдын болмаған еди, деди Шавкат Мирзиёев.


Атап өтилгениндей, Японияда болып өткен алдыңғы Паралимпиададан соң келеси сапар күшли он бес мәмлекеттиң қатарына кириў мақсет етилген еди. Өткен жыллар даўамында бул жолда үлкен таярлық көрилди. Социаллық мәмлекет принциплерине муўапық, майыплығы болған спортшыларға барлық шараятлар тәмийинлеп берилди. Нийет артығы менен орынланып, мәмлекетимиз дүньяда 13-орынды ийеледи.

Соның ишинде, ядро ылақтырыў беллесиўлеринде алтын медаль алған Ҳусниддин Норбеков үш рет Паралимпиада чемпионы болды. Және бир ядро ылақтырыўшымыз Бобиржон Омонов ҳәм дзюдошы Шерзод Намозов екинши рет усындай жеңиске еристи.



Диск ылақтырыў бойынша күшли спортшы Толиббой Йўлдошев биржола еки жеңиске ерисип, ҳәм алтын, ҳәм бронза медальды қолға киргизди. Еки рет болған Паралимпиада чемпионы Ёрқинбек Одилов найза ылақтырыў бойынша Азия рекордын жаңалады. Сондай-ақ, Асадбек Тоштемиров таэквондо, Қудратуллахон Маъруфхўжаев ҳәм Элбек Султанов ядро ылақтырыў беллесиўлеринде жеңиске еристи.

Быйылғы ойынлардағы медальлардың 11 ин қызларымыз қолға киргизгени дыққатқа ылайық. Асила Мирзаёрова узынлыққа секириў, Нурхон Қурбонова найза ылақтырыў бойынша Паралимпиада чемпионы болды. Олар өз нәтийжелери менен бул ойынлардағы ҳәм дүнья көлеминдеги рекордларды да жаңалады. 15 жасар Шаҳинахон Йигиталиева гүмис медальды қолға киргизип, Паралимпиада ойынларындағы ең жас сыйлық ийеси сыпатында тарийхқа кирди. Рўза Қўзиева пауэрлифтинг бойынша екинши орынды ийеледи.

Және бир итибарлы тәрепи, таэквондо бойынша сайланды командамыз биринши рет Паралимпиада ойынларында 3 медальды қолға киргизди ҳәм улыўма командалық есапта 3-орынды ийеледи. Жеңил атлетика бойынша ўәкиллеримиз болса биринши мәрте 8 алтын медальды, яғный ең жоқары сыйлық ийелериниң 80 процентин өзиники етти.

Мәмлекетимиз басшысы жеңиске ерискен спортшыларымызды атпа-ат тилге алып, күшли жеңислерин атап өтти. Усы рет бираз әўмет жетиспей, медаль алмағанларды да қоллап-қуўатлап, келеси жарысларда әўмет яр болыўын тиледи.

-Сизлер ерискен бул үлкен жеңислер Алла тааланың шын мәнисиндеги әжайыпатлары болған инсан  қандай үлкен имканиятларға, қандай теңсиз қүдиретке ийе екенин және бир рет айқын көрсетти. Расында да, бул өмирде көп нәрсени шешетуғын фактор – бул жоқары күш ҳәм мәртлик болып есапланады. Бирақ адамның қәлбине мине, усындай күш ҳәм мәртликти сиңдириў, оны тәрбиялап, камалға келтириў- бул әлбетте аңсат жумыс емес. Сиз, әзиз перзентлерим бүгинги жеңис минберине жетип келгенге шекем қандай узақ, аўыр ҳәм машақатлы жолды басып өткениңизди мен көз алдыма жақсы келтиремен. Бул алыс жолда түрли сынақ ҳәм машқалалар, гүманлар, исенимсизлик, қыйыншылық ҳәм әрманлар да сизлерди қыйнағанын, қаншама узақ түнлерди уйқыламастан өткергениңизди де жақсы билемен. Өз алдыңызға қойған мақсетке ерисиў жолында  сизлердиң басқаларға қарағанда он рет, бәлки жүз рет көбирек мийнет етиўиңизге, машақат шегиўиңизге туўра келгенин де мен жақсы аңлайман. Мине, усындай аўыр демлерде сизлердиң жүрегиңизге үмит ҳәм исеним, қатаңлық ҳәм мәртлик туйғысын бағышлаған, сизлер менен қарама-қарсы турып, сизлерди ҳәр қашан қоллап-қуўатлап, әўметлер жеңислер сыяқлы руўхландырған пидайы инсанлар бар. Олар бәринен бурын сизлердиң меҳрийбан ата-аналарыңыз, жақынларыңыз, жигерлериңиз,-деди Президент.

Усы мүнәсибет пенен мәресимде қаҳарман спортшылардың қаҳарман ата-аналары, шаңарақ ағзалары да хошаметленди.

Мәмлекетимиз басшысы тәжирийбели тренерлер, психолог ҳәм басқа қәнигелерге де миннетдаршылық билдирди.

-Өзбекстанның өз мәртлик мектеби, даңқлы мектеби бар. Бул мектептиң ҳақыйқатында да дөретиўшилери сизлер, десек, әйне ҳақыйқат болады. Сизлердиң спорттағы, өмирдеги жеңислериңиз жасларымыз ушын күш-ғайрат дәреги, мәртлик ҳәм ибрат үлгиси,-деди Шавкат Мирзиёев.

Елимизде спортты раўажландырыўда имканияты шекленген шахслар да қоллап-қуўатланып, оларға инклюзив шараятлар жаратылмақта. Бул бойынша Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Адаптив спорт түрлери ассоциациясы көп жумыслар ислемекте.

Президентимиз келешекте майыплығы болған шахслар шуғылланыўы мүмкин болған спорт түрлерин және де кеңейтиў, олардың жәмийетке социаллық бейимлесиўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылатуғынын атап өтти.

Ушырасыўда 2028-жылда Лос-Анджелесте болатуғын Паралимпиада ойынларына таярлық мәселелерине де тоқтап өтилди.

Бәринен бурын, және де көбирек спорт түрлери бойынша қатнасыў, таярлық ҳәм нәтийжелилиги жоқары болыўы ушын анық стратегия тийкарында жумыс алып барыў зәрүрлиги атап өтилди. Атап айтқанда, медициналық тексериўлер, фармокология ҳәм диетология раўажландырылады. Паралимпиадашылар менен ислесетуғын психологлардың жумысын хошаметлеў жолға қойылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 12-сентябрьдеги пәрманына муўапық, Париж қаласында болып өткен ХVII жазғы Паралимпиада ойынларында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшы ҳәм тренерлерден бир топары ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.


Илажда әне усы жоқары сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

-Сизлер тәғдирдиң ҳәр қандай сынақларына қарамастан, тек жеңиске умтылатуғын инсанларсыз. Умтылған, ҳәрекет еткен адам да, жәмийет де кем болмайды. Мине, усындай пазыйлетлериңиз және де зияда болсын, сизлерге ҳәр қашан бахыт ҳәм әўмет келтирсин,- деди Президент.



Спортшы ҳәм тренерлер, ата-аналар сөзге шығып, жоқары ҳүрмет ҳәм итибар ушын мәмлекетимиз басшысына рахметлер айтты.





ӨзА