Германия Федеративлик Республикасы Федераль Канцлери Олаф Шольцтиң мәмлекетимизге рәсмий сапары жуўмақланды.
Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.Хўжаев ҳәм басқа да рәсмийлер шығарып салды.
Еслетип өтемиз, кеше Самарқандта Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Канцлери Олаф Шольцтиң сөйлесиўлери болып өтти, олар соңында бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойды. Бүгин жетекшилер еки мәмлекет исбилерменлери менен ушырасыў өткерди.
ӨзА