Өзбекстан-Германия саммитиниң жуўмағында терек егиў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федераль Канцлери Олаф Шольц Конгресс орайындағы паркте биргеликте терек екти.
Бул Өзбекстан-Германия көп тәреплемели қатнасықларында жаңа басқыш басланғаны, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларының беккемленип баратырғанының белгиси болды.
Усының менен Президентимиздиң Самарқандқа сапары жуўмақланды, мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.
ӨзА