Қазақстанда “Jastar generation – 2024” халықаралық жаслар лагериниң ашылыўы болып өтти.
Онда Өзбекстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан жаслар шөлкемлери жетекшилери, ЮНЕСКОның Алмаатадағы регионаллық ўәкилханасы жуўапкерлери ҳәм ЮНЕСКОның Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстандағы ўәкиллери қатнасты.
Илажда қатнасыўшыларға миллий қәдириятлар, бирлик, тынышлық ҳәм татыўлықты үгит-нәсиятлаўдағы жедел жумысы ушын миннетдаршылық билдирилди.
Жаслар лагеринде топарды қәлиплестириў, сөйлесиў көнликпелерин арттырыў, миллетлераралық қарым-қатнас, мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша түрли тренинглер, тараў жетекшилери ҳәм табыслы исбилерменлер менен хошаметлеўши ушырасыўлар өткерилди.
Гулноза Бобоева, ӨзА