Германия Федераль Канцлери Олаф Шольц Самарқандтағы туризм академиясына барды.
2023-жылы Самарқанд қаласында БМШ Жәҳән туристлик шөлкеми Бас Ассамблеясының 25-сессиясы шеңберинде ашылған академия туризм тараўын раўажландырыў бойынша жоқары тәжирийбели ҳәм талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў орайы сыпатында жумыс алып бармақта.
Оқыў мәкемеси питкериўшилерине БМШ Туризм шөлкемине ағза мәмлекетлер тәрепинен тән алынатуғын дипломлар бериледи.
Жоқары мәртебели мийман академияда жаратылған шараятлар ҳәм Өзбекстанда заманагөй туристлик инфраструктураны жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар менен танысты.
ӨзА