Усы күнлери Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитети баслығы А.Мавлонов басшылығындағы делегация АҚШта болып, бажыхана тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиўге қаратылған әҳмийетли ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер алып бармақта.
Сапардың тийкарғы ўақыясы – Вашингтонда Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң Баслығы А.Мавлонов ҳәм АҚШтың Бажыхана шегара хызмети комиссары Трой Миллер арасында еки тәреплеме ушырасыў болып өтти.
Өзбекстан – АҚШ арасында дипломатиялық байланыслар жолға қойылғаннан соң өткен 32 жыл даўамында еки мәмлекет бажыхана хызметлери басшылары арасында бул форматтағы жүзбе-жүз рәсмий ушырасыў дәслепки мәрте өткерилип атырғанын атап өтиў керек. Соның ушын ҳәзирги күнде өз-ара бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкары да болмаған.
Мәмлекетимиз басшысының 2018 ҳәм 2023-жыллары АҚШқа әмелге асырған сапарлары даўамында ерисилген әҳмийетли келисимлер барлық тараўларда өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиўге жол ашып берди.
Өзбекстанның АҚШ пенен товарлардың сыртқы саўдасы соңғы 6 жылда 48 процентке артты. Быйылғы жылдың 8 айында бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 64 процентке өскен. Бирақ, бар потенциал ҳәм имканиятлардан келип шықса, бул көрсеткишлерди және де арттырыў мүмкин.
Буның ушын бәринен бурын еки мәмлекет бажыхана хызметлери арасында өз-ара бирге ислесиў ҳәм мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў арқалы сыртқы саўданың кеңейиўин хошаметлеўге зәрүрлик туўылады.
Соның ушын да сөйлесиўлерде тийкарғы итибар бажыхана қәўиплерин мониторинг етиў, бажыхана тәртип-қағыйдаларын санластырыў ҳәм инсан ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерге қаратылды.
Ушырасыўдың тарийхый әҳмийети сонда, Өзбекстан- АҚШ бажыхана хызмети басщылары бажыхана тараўындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли ҳуқықый тийкары – «Бирге ислесиў ҳәм өз-ара жәрдем ҳаққында»ғы Келисимге қол қойды.
Өз-ара қатнасықларда жаңа бет ашатуғын бул ҳүжжет Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында бажыхана тараўында мәлимлеме алмасыў имканиятын береди ҳәм нәшебентлик затлар саўдасы, адам саўдасы, трансмиллий жынайый топарлар, жынайый дәраматларды легалластырыў, бажыхана төлемлеринен бас тартыўға қарсы гүресиўде бирге ислесиўдиң және де беккемлениўине хызмет етеди.
Итибарлы тәрепи сонда, АҚШ бажыхана тараўында бирге ислесиўди нәзерде тутатуғын усы сыяқлы еки тәреплеме келисимлерди дүнья бойлап 200 ге шамалас мәмлекетлер ишинде тек ғана 17 мәмлекет пенен қол қойған болса, Өзбекстан бул дизимде 18-мәмлекет сыпатында атап өтилмекте.
Әне, усы жағы мәмлекетимизде бажыхана тараўын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм санластырыў бағдарында ерисилген жетискенликлер халықаралық дәрежеде тән алынып атырганын көрсетеди.
Сөйлесиўлерде АҚШ шегара ҳәм бажыхана хызметиниң таргетлеў бойынша қәнигелерин Өзбекстанға тартыў, сондай-ақ, өзбекстанлы қәнигелердиң АҚШта маманлық арттырыў имканиятлары толық көрип шығылды.
Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов АҚШ Шегара ҳәм бажыхана хызмети комиссары Трой Миллерди Өзбекстанға мирәт етти.
Сапар даўамында Өзбекстан делегациясы АҚШтың Миллий таргетлеў орайы, Кинология академиясы, Техастағы Сан-Антонио халықаралық аэропорты, Ларедо қаласындағы “World Trade Bridge” авто шегара бажыхана посты, «Техас-Мексика» халықаралық темир жол өткериў пункти жумысы менен жақыннан танысыўы режелестирилген.
Ш.Маматуропова, ӨзА