Германия раўажланыў банки – KfW мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар, әҳмийетли жойбарларды қоллап-қуўатлаўда белсене қатнаспақта.
Бул Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федеративлик Республикасы Федераль Канцлери Олаф Шольцтиң Самарқанд қаласындағы Конгресс орайында делегациялар қатнасыўындағы сөйлесиўлери ўақтында да айрықша атап өтилди.
Атап айтқанда, «KfW» банки ҳәм Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң қаржы-техникалық жойбарларына жоқары баҳа берилди.
– Биз Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы өз-ара экономикалық бирге ислесиў нәтийжесин баҳалап барамыз,-дейди Германия раўажланыў банки (KfW)ниң Орайлық Азия регионаллық ўәкилханасының директоры Андреас Шнайдер. – Жақында мәмлекетиңиздиң Экономика ҳәм қаржы министрлигинде болдық. Ушырасыўда пайдалы бирге ислесиў бойынша түсинисиў меморандумына қол қойдық. Оны байланысларымыздың жаңа басқышы деп атаў мүмкин. Өзбекстан Орайлық Азия регионындағы исенимли шеригимиз. Биз буннан қуўанышлымыз. Бул сапары барлық тараўлардағы бирге ислесиўди жаңа пәтке көтеретуғынына исенемиз. Өзбекстанға ҳәр сапары келгенимизде үлкен өзгерислердиң гүўасы боламыз. Атап айтқанда, инвесторлар ушын жүдә қолайлы имканиятлар кеңеймекте. «KfW» банки ҳәм Германия ҳүкимети тийисли министрлик ҳәм уйымларыңыз бенен байланыста. Бақлаўлар соны көрсетеди, Өзбекстан жүдә үлкен имканиятлар мәмлекети. Ҳәр тараўда өзгерислер, раўажланыў жүз бермекте. Бул раўажланыў ушын да әҳмийетли. Соның ушын биз бир қатар жойбарларды әмелге асырыўды нийет еткенбиз. Соның ишинде, киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўға қаратылған басламаларымыз өз-ара пайдалы болады. Бул өз гезегинде ири компанияларды Өзбекстанға тартыў имканиятын береди. Туризм де раўажланбақта. Әййемги қалаларыңыз сырт ел мийманларының сүйикли орнына айланған.
Икром Аввалбоев, ӨзА