Усы жыл 16-сентябрь күни Нөкис қаласында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектебиниң Нѳкис филиалы жаңа имаратының ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы менен билимлендириў тараўына, әсиресе, жаслардың жоқары дәрежеде билим ийелеўине үлкен итибар қаратылмақта. Қарақалпақстанлы жасларға өз алдына жаратылып берилип атырған имканиятлар болса, олардың жаңа шеклерге ерисиўине беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Усындай имканиятлар қатарында, қарақалпақстанлы жаслардың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын быйылғы жылы қосымша 10 мың квота ажыратылмақта. Буннан тысқары, жаңа оқыў жылы алдынан Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институты оқыў имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Келеси жылы Қарақалпақстанда социаллық тараў ҳәм инфраструктура ушын 1 триллион сумнан артық қаржы ажыратыў режелестирилген ҳәм соннан 24 улыўма билим бериў мектебиниң жаңадан қурылыўы белгиленбекте. Быйылғы жылдың ѳзинде 202,8 миллиард сумлық қаржылар есабынан 34 мектепте қурылыс-реконструкция жумыслары алып барылмақта.

Елимиздиң келешек ийелери арасынан қәбилетли ҳәм билимли жасларды анықлаў, оларды ѳзлери қызыққан пәнлерге тереңлестирилген түрде оқытыў мақсетинде ҳәр бир аймақта ашылған Президент мектеплери, қәнигелестирилген ҳәм дѳретиўшилик мектеплери менен бир қатарда Президентимиздиң тиккелей басламасы менен мәлимлеме-технологияларына байланыслы пәнлерди тереңлестирип үйретиўге бағдарланған Ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектебиниң Нөкис филиалы шѳлкемлестирилген.

Ѳткен қысқа ўақыт ишинде бул мектепте Республика бюджети қаржылары есабынан 61 миллиард сумлық қурылыс жумыслары алып барылды ҳәм оқыўшы жасларымыз ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылды. IT тараўына тәжирийбели ҳәм профессионал кадрларды таярлап шығарыўда бул оқыў орнының тутқан орны оғада әҳмийетли есапланады.

Илаж қатнасыўшылары жаңа мектепте жаслар ушын жаратылған шараятлдар менен танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги