Соңғы жыллары елимизде исбилерменлик суъбектлерин шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысларын еле де раўажландырыўға көплеген қолайлықлар жаратып берилмекте. Әсиресе, исбилерменлерге өз товарларын сырт еллерге экспорт етиўине мүмкиншиликлер жаратып берилгени, олардың дәраматларының артыўына тийкар болмақта.
Республикамыздағы усындай исбилерменлик суъбектлериниң бири сыпатында Хожели районында жайласқан «Karbalt Rutoil» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин айтып өтсек болады. Атап айтқанда, жәмийет тәрепинен усы жылдың өткен дәўири ишинде, салмағы 870,1 тоннаға, улыўма баҳасы 622,1 мың АҚШ доллар болған шийки зат «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режимине орналастырылып, бул шийки затларды қайта ислеў нәтийжесинде алынған салмағы 148,6 тоннаға ҳәм улыўма баҳасы 106,8 мың АҚШ долларына тең «бензин» товарларының қоңсы мәмлекетлерге экспорт етилиўи тәмийинленди.
Сондай-ақ, Хожели районында жумыс алып барыўшы «Xo‘jayli un mahsulotlari» МЧЖ тәрепинен салмағы 6 657,5 тоннаға ҳәм баҳасы 1 667,9 мың АҚШ долларына тең шийки зат «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режимине орналастырылып, бул шийки затларды қайта ислеў нәтийжесинде алынған салмағы 4 828,8 тоннаға ҳәм улыўма баҳасы 1 302,8 мың АҚШ долларлық ун қоңсы мәмлекетлерге экспорт етилиўи тәмийинленди.
Буннан тысқары, бул кәрханаларға қайта ислеў ҳәм өндирис барысында энергияларды үнемлеўди тәмийинлеў ҳәм ҳәм «жасыл энергия»дан дәреклеринен пайдаланыў бойынша жүргизилген үгит-нәсият ислери нәтийжесинде Хожели районында жумыс алып барыўшы «Xo‘jayli un mahsulotlari» МЧЖ тәрепинен кәрхана жайласқан объектлерге улыўма қуўатлылығы 35 кВ. болған қуяш панеллери орнатылды.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығы З.Турдалиев усы еки кәрханада болып, оларға «бажыхана аймағында қайта ислеў» бажыхана режиминен пайдаланыўды кеңейтиў бойынша түсиник жумысларын алып барды ҳәм исбилерменлердиң қызықтырған сораўларына жуўап берди.
Басқарма хызметкерлери тәрепинен бул бағдардағы ислер даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы